Бүгин Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшы Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылған күни
Ол 1929-жылы 7-май сәнесинде Кегейли районының Шортанбай аўылында (ҳәзирги Нөкис районы аймағында) дүньяға келген.
Оның биринши повести "Секретар" деген ат пенен басылып шығады. Ең дәслепки гүрриң ҳәм очерклери "Блокнот сөйлейди" деген топламында басылып шықты. Ҳәзирге шекем "Муғаллимге рахмет", "Суўық тамшы", "Уйқысыз түнлер" повестлери, "Қарақалпақ қызы", "Қарақалпақ дәстаны", "Көздиң қарашығы", "Қарақалпақнама" дөретпелери, сондай-ақ ғәрезсизлик дәўирине тийисли "О дүньяға атама хатлар", "Қәлбимниң қамусы", "Туркийнама" ҳәм тағы басқа дөретпелери ҳәзирги қарақалпақ прозасының буннан былай да раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.
1974-жылы Т.Қайыпбергеновқа "Қарақалпақ халық жазыўшысы" деген атақ берилди. Буннан басқа да "Қашқарий" атындағы халықаралық сыйлығының лауреаты, "Ҳүрмет белгиси" ордени, ҳәм қатар медальлар менен сыйлықланды.
2003-жылы ғарезсизлигимиздиң 12-жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновқа, "Өзбекстан қаҳарманы" атағы берилди.
Төлепберген Қайыпбергенов жүреклеримизде мәнги жасайды.
—
Бугун Ўзбекистон Қаҳрамони, Ўзбекистон ва Қорақалпоғистон халқ ёзувчиси Төлепберген Қайыпбергеновнинг туғилган куни
У 1929 йил 7 май санасида Кегейли туманининг Шўртанбой қишлоғида (ҳозирги Нукус тумани ҳудудида) дунёга келган.
Унинг биринчи повести "Секретарь" деган ном билан босилиб чиқади. Энг дастлабки ҳикоя ва очерклари " Блокнот сөйлейди" деган тўпламида босилиб чиқди. Ҳозиргача "Муғәллимге рахмет", "Суўық тамшы", "Уйқысыз түнлер" повестлери, "Қарақалпақ қызы", "Қарақалпақ дәстаны", "Көздиң қарашығы", "Қарақалпақнама" асарлари, шунингдек мустақиллик даврига оид "О дүньяға атама хатлар", "Қәлбимниң қамусы", "Туркийнама" ва яна бошқа асарлари ҳозирги қорақалпоқ прозасининг бундан кейинги ривожланишида катта аҳамиятга эга бўлиб ҳисобланади.
1974 йили Т.Қайыпбергеновга "Қорақалпоқ халқ ёзувчиси" деган унвон берилди. Бундан ташқари "Қашқарий" номидаги халқаро мукофотнинг лауреати, "Ҳурмат белгиси" ордени, қатор медаллар билан тақдирланди.
2003 йилда мустақиллигимизнинг 12 йиллиги муносабати билан Ўзбекистон ва Қорақалпоғистон халқ ёзувчиси Төлепберген Қайыпбергеновга, "Ўзбекистон Қаҳрамони" унвони берилди.
Төлепберген Қайыпбергенов қалбларимизда мангу яшайди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў:
https://t.me/joqargikenes
✉
https://t.me/joqargikenes 🌐 https://joqargikenes.uz/ 📱
https://www.instagram.com/orinbayev_a/ 📱
https://www.facebook.com/OrinbayevAmanbayTleubayevich 📱
https://twitter.com/Orinbayev_A