«ПАНЧАТАНТРА»
китабынан ҳикаятлар
АДАМНЫҢ КИМЛИГИ ЖОЛДАСЛАРЫНАН БИЛИНЕДИ
Арба соғып сататуғын бир уста болды. Ол тоғайға ағаш шабыўға ҳаялы менен барар, ҳаялы сол жерде түсликке мазалы аўқатлар писирип берер еди. Сол жерде түсленип, екеўи кеште шапқан ағашларын арбаға тийеп қайтады.
Бир күни уста ағаш шаўып атырғанында қасына арыслан келди. Уста енди арысланның пәнжесине илиндим-аў, деп қорқып турса да, ҳаялын бир путаның тасасына жасырып, өзи қорқпай арысланға жақынлады.
– Арыслан-аға, мен сизди өзиме аға, деп билемен. Сиз усы жаман иниңиздиң ҳаялының асқан тағамларынан татың, – деди.
Арыслан:
– Мен шийки гөш жеймен ғой. Писи гөш жемеймен. Яқшы, сен мирәт етип атырған екенсең, сөзиң сынбасын, сизлердиң аўқатыңыздың да дәмин татып көрейин, – деди.
Арыслан устаның ҳаялының мазалы тағамларын татып көрип, жүдә қайыл қалды.
– Маған сениң ҳаялыңның писирген аўқатлары унады, мен енди күнде саған түсликке келемен, сен усы аўқатларыңнан берип турасаң, – деди. – Мен саған аўыз салмайман, себеби сениң менен енди қыяметлик дос тутындық, – деп оны исендирди.
Әне соның менен арыслан күнде уста менен бирге түсленип, қазанда пискен мазалы аўқатларды жейтуғын болды.
Арысланның бирге аң аўлайтуғын ҳәмдамлары сағал менен ғарға болды. Олар арысланнан қалған аўқаттың қалдықларын жеп күн көретуғын еди.
Енди писи аўқатқа үйренген арыслан аң аўлағанды қойып, сағал менен ғарға аш болып қалды. Соннан олар арысланға «сиз күнде бизлерден бөлекленип қайда барып жүрсиз, барып жүрген жериңизге бизелерди де алып барсаңыз қалай болады», – деп ыңғырыўлай баслады.
Арыслан әўелинде қайда барып жүргенин жуўындыхорларына айтпады.
Бирақ сағал менен ғарға күнде оның мыйын жей берди. Соннан ақырында арыслан өзиниң бир уста менен дос тутынғанын, күнде түсликте оның ҳаялы қазанда писирген мазалы аўқатларды жеп жүргенин айтып қойды.
Сонда жуўындыхорлары: – Ҳаў, нәрсиз писи аўқатты жеп жүргеннен гөре, ол адамды өлтирип таза гөш жегениңиз мақул емес пе? – деди.
Арыслан: – Мен уста менен қыяметлик дос болдым, оны өлтириўге ҳужданым бармайды, – деди. – Оннанша сизлер де бирге жүриң, оның қазанында пискен аўқатларды бирге жеймиз, – деп оларды уста ағаш шаўып атырған жерге ертип барды. Уста арысланның сағал ҳәм ғарға менен бирге киятырғанын көрип, балтасын белине қыстырып, үлкен емен ағашының жоқарысына шығып кетти.
Арыслан уста отырған емен ағашының қасына келип: – Ҳаў, достым, сен неге меннен қашып баратырсаң, бул келген мен ғой, – деди.
Сонда уста айтты: – Сениң келгениңди көрип турман, бирақ сениң қасыңда жарамаслар бирге келгенин де көрип турман, – деди.
Әтирапына ипласларды жыйнаған патшаның қол астында пуқара бахытлы болмайды.
Сағынбай ИБРАГИМОВ қарақалпақшалаған