ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗЛАРЫ
Ах! Қандай қызлар бар қарақалпақта,
Тойға барса орны алтын алтақта,
«Өңештен ҳазарсыз өтер» бирақ та,
Диянатлы қарақалпақ қызлары.
«Еки қара жылға» ыйықтан қулап,
Ағар, жуп қарақат, жуп «қара булақ»,
Бурымының ушын бармаққа орап,
Қыйрақлайды қарақалпақ қызлары.
Яқшы қыздың толып атыр қардары,
Сулыўлық журтының сайлы сардары,
Жипек жилўа, жейран жанар жайдары,
«Қупия хат» қарақалпақ қызлары.
Ақ тамақтан ишкен асы көринип,
Менсинбей тусыңнан өтер керилип,
Сәлеминди селхос тыңлар, еринип,
Өзи кудай, қарақалпақ қызлары.
Әдеп-икрам, ийбе-назына қара,
Анасы ким екен? Шығысын сора,
Бул периштедур, биз бир бийшара,
Ҳүкимдарым қарақалпақ қызлары.
Артық айтсам, әпиў етиң досларым,
Алмас қанжар дерсең көзиў-қашларын,
Саў бол қуралай көз қарындасларым,
Қәдирданым, қарақалпақ қызлары.
Аққуўдай азада, таўыс қылықлы,
Куда берген мақпал минез-қулықты,
Зийўар зейин зергер, зия-зулыплы,
Қарындасым қарақалпақ қызлары.
Әмиўди ардақла, қорға суўыңды,
Қолға ал Тумарис тиккен туўыңды,
Дузлы шаң үркиткен тырна, қуўыңды,
Аралына қайтар, Арал қызлары.
Туўылған жер қәдирине жетпесең,
Арал Анамызға жәрдем етпесең,
Онда өзиңе де ҳүрмет күтпе сен,
Арал қызы, қарақалпақ қызлары.
«Қызлар-патша, жигит ўәзир» нақылда,
Арыўлығың уғрас келмес ақылға,
Мейли мақуллама, мейли мақулла,
Затышерийп (ҳасылзада) қарақалпақ қызлары.
Әскербай ӘЖИНИЯЗОВ
Канал:
https://t.me/askerbay_ajiniyazov