Б.Нурназарова:
Китап шығарыў ушын қәўендер керек. Китапты сатыў керек.
Сиз не ушын китап шығармай атырсыз? Аспаннан бир илаҳий жәрдем
ямаса ўақыт күтип атырсыз ба?
С.Ибрагимов:
Аз санлы халықлардың мәденияты өзин-өзи қаржыландыра алмайды – базар қағыйдалары белгили цифрларды талап етеди.
Сонлықтан қарақалпақ халқының мәдениятының буннан былайғы жағындағы раўажланыўы арнаўлы мәмлекетлик программа бойынша ис жүргизиўди талап етеди.
Бул туўралы мәденият ғайраткерлери ҳүкиметке усыныс пенен шығыўлары, депутатлар, сенаторлар жумыс алып барыўы керек болады.
Китап басылыўы мәселеси усы биздеги шешилмей атырған миллий мәдениятымыздың келешеги деген үлкен проблеманың бир бөлеги.
Журналист Тамара Машарипова:
«Бул сөз илаҳийдан келди», дейди Бердақ. Сизде қосық қалай туўылады?
С.Ибрагимов:
Мениңше, сөз өнери инсанның Ҳақыйқатлыққа, Жақсылыққа, Гөззаллыққа ықласынан туўылса итимал. Бул қәдириятларсыз инсан өмири биймәнилик болар еди.
Шайырға сөз өнериниң берилиўин
Бердақ Қуданың инамы, деп сүўретлейди.
Сиз жаңа бир қатар келтирген
«Шежире» дәстанының хатиймасында Бердақ және былай дейди.
Қуда берди бул зибанны,
Нә раҳманы, нә шайтаны,
Билмәсмән суўды-зыйаны,
Ҳалым мүшкил болған екен.
Буны жалпақ тилге салып түсиндирсек, шайыр айтады:
сөз – еки жүзли қылыш,
ол жақсылыққа да,
жаманлыққа да хызмет етиўи мүмкин,
ол жағы бендесиниң еркинен ғәрезли.
Т. Машарипова:
Шайыр ең дәслеп ким ушын жазады
ямаса не ушын?
С.Ибрагимов:
Параз етейик, бизлер көгалай теңиздиң жағасында турмыз.
Желқомсыз, ескексиз кемелер бизлерден узақлап, көкжийекке барып жоғалып атыр – ол жақтан қайтып келгенлер жоқ.
Биз усы көкжийекке шекемги – кемелер көз ушымыздан жоғалғанға дейинги ҳақыйқатлықты ғана билемиз.
Бул желқомсыз, ескексиз кемелердиң көкжийекке жете алмай ғарқ болмаўы ушын – оның ишинде баратырған бенделердиң руўхы саламат болмағы лазым.
Шайыр сол бенделердиң бири.
Ол усы жолда Ҳақыйқатлық, Жақсылық ҳәм Гөззаллықтың өмиршең қәдириятлар екенлигине өзиниң де исенгиси келеди, басқаларды да исендиргиси келеди.
Мынадай бир рәўаят бар.
Бир шебер гүлалдың шәкирти устазының хызметинде азы-кем жыл жүрип,
барлық ис көзиниң алдында болып атырғаннан соң, енди бәрин билип алдым деп ойлап, устазынан мүддетинен бурын пәтия сорапты.
Устазы «ҳаў, сен еле шаласаң, бала»
десе де шәкирти гәпке турмапты.
Соннан устазы бул шәкиртине илажсыздан пәтия берип жиберипти.
Шәкирт мәҳәллесине барып устахана ашып, жумыс баслапты.
Бирақ оның писирген гүзелериниң сыры оттан шытнап шыға берипти.
Қарыйдары болмай, талабы жүриспепти. Соннан ол енди бетиниң арын шүберекке түйип, устазының алдына қайтып барады.
«Бийсабырлық – шайтан иси, – дейди оған устазы, – мине, өзиң буған исендиң.
Мен саған бул кәсиптиң тоқсан тоғыз сырын айтып, ең соңғы сырын айтып үлгермесимнен бурын кетип қалдың –
оны айтпағаным,
ол сырды айтыўға сен еле тайын емес едиң. Менменлик пенен мениң устаханамды тәрк етип кеткениң – сол еле қамлығыңның белгиси еди».
Шәкирти «және бир жыл хызметиңде болайын, сол соңғы сырды маған айтың», деп жалынады.
«Бир жыл емес, мениң көзим жумылғанша хызметимде боласаң – сол шәрт пенен айтаман», дейди устазы.
Шәкирти қайыл болады.
Сонда устазы «сырланған гүзени отқа қоймастан бурын шаңын үплеп жибериўиң керек еди – бар гәп сол», дейди.
Инсан ушын поэзияның, кеңирек алсақ руўый мәденияттың зәрүрлигин сол гүлалдың гүзениң сырына қонған, бәлки, көзге көринбейтуғын шаңды үплеп жибериўи зәрүрлигине қыяслар едим.
Шайыр инсанлардың руўҳый камалы ушын сөз дүньясының сүргинине түседи.
Бул жолдағы оның утысы да,
утылысы да сол Хақыйқат, Жақсылық ҳәм Гөззаллық қәдириятлары тас басып турған тәрези менен өлшенеди.
Егер жәмәәде шайырдың вакансиясы
бос қалар болса – ол жәмәәниң ыдыраўға жүз бурғанының белгиси.
Т.Машарипова: