САЙҒАҚЛАР
Азық етип кең даламның жуўсанын,
Арал бойын мәкан еттиң мыңсаның,
Бәлким таўдай толқынларды қумсадың,
Жоқшылардай көз тигесиз сайғақлар.
Бәлким, бул жер миллион жыллық ўатаның,
Перзентимиз бәлки жалғыз атаның,
Сонлықтан да бул жер жаны-жәҳәниң,
Оннан ҳасла безбедиңиз сайғақлар.
Қуў далада шырлап еки шикәсте,
Қалғанында Шәрьяр, Әнжим қәпесте,
Ақ сүтиңди азық етти нәресте,
Батырларға ана болған сайғақлар.
Оразқуллар базда саған қаст етти,
Шақың шаўып, гөшлериңди ас етти,
Сени сүйген гөдек көзин жас етти,
Сонда да сен бизди дедиң сайғақлар.
Бабаларым анам деген өзиңди,
Бәлки дурыс—қәлбим кийик сезимли,
Қызларыма мийрас еттиң көзиңди,
Нәзеримде нәзериң бар сайғақлар.
Бул кең саҳрам, Үстирт бизге мәкандур,
Ҳәр гиясы жанымыздур, жәҳәндур,
Бул топырақ ҳәммемизге Ўатандур,
Ўатанымның жарасығы сайғақлар.
"Өзиңнен" қосықлар топламынан
Нәбийра Төрешова
Қарақалпақстан халық шайыры
🌷Каналымызды бақлап барыўда даўам етиң, каналымыз силтемесин тарқатыўда өз үлесиңизди қосың 👇👇👇👇👇
👉