БУ ДҮНЬЯ
Адам уғлы, өз кеўлиңди шад əйле,
Ашылсаң, ашыла берер бу дүнья.
Өткенлердиң ўəсиятын яд əйле,
Жыйнасаң шашыла берер бу дүнья.
Ҳадал мийнет етип, тапса дүньяны,
Бийғәрезлик ғош жигиттиң əрманы.
Ҳийле қылсаң, алдайман деп сен аны,
Сумлығын асыра берер бу дүнья.
Журттан артық жасайман деп егер сен,
Тəсил қылсаң, өзиң азап шегерсең.
Түлкиниң изинен тазы жиберсең,
Туттырмай, қашыра берер бу дүнья.
Алтын деп жыйғаның темир тат болып,
Ақырында опық жерсең мат болып.
Сен қуўсаң, ол наймыт перизат болып,
Жүзлерин жасыра берер бу дүнья.
Бул дүньяның берген ашшы сабағын,
Ҳəр көргенде шүкирлик қыл, тоба қыл.
Ашық Аяз, ашық жүрсин қабағың,
Қапылсаң қапыла берер бу дүнья.
Бул дүнья «бес күнлик», «ялғаншы» демек
Бурынғылар айтқан сөзинде барды.
«Асығады бизден қалғанша» демек,
Бийопалық күлер жүзинде барды.
Тəңирим бул дүньяны жоқтан бар етти,
Бендем шалқысын деп, лалазар етти.
Лекин ғапыл бенде асқынлап кетти,
Көбинде инсап жоқ базында барды.
Дүнья деп, адамзат бир - бирин қырған,
Шайтан ғулғуласы ҳақ жолдан урған.
Бул жерде жазық жоқ дүньяда турған,
Ҳəр бəле адамның өзинде барды.
Бул дүнья ялғаншы емес шынында,
«Нəпсиңди тый» деп айтқан ғой бурында.
Бир қысым топыраққа толған соңында,
Аш көзлик адамның көзинде барды.
Ашық Аяз, ҳақ жолынан жүрмесе,
Бул дүньяның гөззаллығын көрмесе,
Бул сөзге ўақтында мəни бермесе,
Уллы пушайманлар изинде барды.
И. Юсупов. Декабрь, 1996 - жыл.