ТУЎЛА, ТЕҢИЗ
Самал шайқап толқып турды,
Балтик теңиз мөлдир суўлы,
Мен алыстан аңсап келдим,
Айдыныңды үйрек, қуўлы.
Жатсынбайсаң жақын келсем,
Жағаңда қыдырып жүрсем,
Бултсыз күнги аспандайсан,
Көлемиңе қарап көрсем.
Шағалалар шаңқылдасып,
Ғазлар ушар ғаңқылдасып,
Ақ көбикли асаў толқын,
Жарға урар шуўылдасып.
Өркешленип толқын келер,
Пәтке минип толқып келер,
Алға қарай еңтерилип,
Бирин-бири жулқып келер.
Аўдаңлаған ақ толқынлар,
Ада болмас көп толқынлар,
Мен тутайын көкирегимди,
Суў тынығын серип толқынлар.
Салқын лебиң зейним ашып,
Толқыныңдай турман тасып,
Сеннен қуўат йош алайын,
Туўла теңиз көбик шашып.
Тыныш турсаң ишим писер,
Сен толқысаң кеўлим өсер,
Әмиўдәрья, Аралымның
Толқынлары еске түсер.
Айдындағы ақ қуўды да,
Сағынаман таў, қумды да,
Еки теңиз еркелетип,
Бассын әбден маўқымды да.
1971-жыл
Байнияз Қайыпназаров
Каналымыз силтемеси: