ӨЗБЕТИНШЕ ОЙЛАР
Тоймайсаң ҳеш ҳүр өмирдиң шырайына,
Қарсы шығалмайсаң оның ырайына,
Безалмайсаң, бездирмейди ол өзинен,
Қайта сени ашық қылар удайына.
Қапа болсаң, қуўантқысы келип турар,
Көз жасыңа нәзик кеўли ерип турар,
Өз қолыңа тапсырады өмир өзин,
Сөйтсе де бәрибир сени жеңип турар.
Болар оның сыйлығы да, жазасы да,
Тек той емес, бар емеспе азасы да,
Умытпайды жылағанды жубатыўды,
Бәлким сонда шығар оның мазасы да.
Бийнесип емеспиз, шүкир, шырайыңнан,
Шәмензарға басла алып ылайыңнан,
Зар қылмаған сениң көркем келбетиңе,
Минетдарман, миннетдарман Қудайымнан!
Өмир жалғыз, оның сансыз ийеси бар,
Ҳәркимниң өз ҳақы ҳәм өз үлеси бар,
Ең зорына, ең көбине жетиў ушын,
Соған жараса өмирдиң гүреси бар!
Гүреслерден өткеймиз-дә жығылмастан!!!
Н.Караматдинова
11.06.2023