#Гүрриң
📖 УШЫРАСЫЎ
***
Жигиттиң жасы нақ жигирма жетиде. Бүгин азанда анасынан тапсырма болды.
-Болды, жетер енди , өмир бойы қуў бойдақ болғың келмесе үйлен. Кеўлиңе жаққан қыз болса, айт. Барайық, сорастырайық, адамлардың ислеген ислерин бизлер де ислейик. Жесир ҳаял болсам да сениң тойыңды бере алғандай шамам бар, оның үстине мен қыз сорап барсам" ата-анасы болмағыр адамлар, оларға қыз берип болмайды, дейтуғындай жийеркенишли атағымыз жоқ!
Анасы кесип айтты. Муғаллим болған хаял, азырақ қатыгезлиги де бар. Жумыс тапсырып, кейин қадағалайтуғын әдети және бар.
Болмасаше?
Әкеси аўырып, төсек тартып көп жатты. Әлпешлеп бақты, докторға қаратты. Айналдырған аўырыў алмай коймады...
Әкеси қайтыс болғанда булар шыпырласып қала берди. Булар бесеў еди. Үлкен ажағасы Ташкентте оқыды. Оқыудан бос ўақытлары мәрдикарға барып, пул таўып, өзинен кишкене еки қарындасын Ташкентте оқытты.
Бул төртиншиси. Қызларды узатыў, ажағасын үйлендириў, өзинен кишкене инисин тәрбиялаў тәшўишлерин анасы менен тең көтерди. Кишкенелигинен өнерли болды. Қолынан ҳәмме нәрсе келеди. Шөккишти усласа, шөккишти ойнатады. Адамлардай болып алыстан да арбаламады, жақыннан дорбаласа да жетип атыр. Аўысып, төгилип қалмаса да ,,биреўден илгери, биреўден кейин" жағдай бар.
Ташкентте оқыған ажағасы да пысық. Ҳәмме ығылған Нөкиске бой таслады, жер план алды, биримлеп питкерди, екеўин қосты... ҳәзир бес бөлме жайды Нөкистиң шетиреги-аў деп жүрип питкерип алды. Келиншеги тигинши. Еки улы бар. Ажағасының жайының питиўине буның үлеси көп. Ажағасы кирейде турды, бул сол питер-питпес жайдың бир бөлмесинде турып ақ, жоралары менен бир бригад болып жумыс иследи. Қолдан-қолға тиймейтуғын бул жигитлер шәҳәрдиң мине мен деген яшыулкенлердиң үйлерин фундаменттен баслап ,,подключ" тапсырған.
Ишпейди, шекпейди, биреўдиң затына ,,көз алартпайды" Келисим солай.
Мине, сөйтип жүргенде жасы жигирма жетиге келип қалыпты.
Анасы ежеледи.
-Нашар танығандай жасқа келдиң. Қызға мынаған бар, балама мынаны ал демедим. Өмирлик жолдас таңлаў, базарға барып, мал алыў саўдасы емес, ендиги базар сатып жиберермен дейтин. Бир өмир бир көпшикке бас қоясаң ақыр. Алла деп, көкирегиңди хаққа берип шықсаң бәрине ерисесең балам.
Буның да жақсы көргени болған. Ол питип кеткен ески жара. Еслегиси келмеди.
Бүгин күн түнерип тур. Азанда бир ашылғандай болып еди. Арасында силпи таслап, я жаўарын, я жаўмасын билмей турған ҳаўа райына қарап жолға шыққысы да келмей тур еди. Бүгинги исти ертеңге қоймайтуғын пысық минезине басты да, тәўекелге салып далаға шықты.
Жигит шәҳәрге жол алды. Енди дөгерекке жигит көзи менен қарай баслады.
Үлкен асфальтқа жетиўи мәттәл, Нөкис-Шымбай ,,Газелине" минип алды.
Жигиттиң машынға миниўине қарап турғандай жаўын себелеп, жаўып баслады. Айнаға урған жаўынды тамашалаған болды, бирден көзи алдында отырған еки қызға ериксиз көзи түсти. Жас шамасы жигирмадан өткен, бираз естиярлы. Қолларында телефон. Көзлерин телефоннан алмас, арасында күлипте қояды. Артындағы еки қыздың даўсы қулағына жақпаса да тыңлаўға мәжбүр болды.
,,Тандыршыққай! Ҳәлегим соннан қалып! Телефонын таўып алып, жаман сөздиң бәрин жаздым, мениң ким екенимди билип атырма?(Түсингени, еки қыз бир жигитке таласып атыр)
Енди қайтып сол жигитке жырбаңласаң, көшеңе барып абырайыңды төгип кетемен, шашыңнан жулып интернетке шығараман дедим, десе достысы:
-Менде жигитимниң әжапасы менен урысып қалдым, жигитиме әжапасы ,,ондай қызды алмайсаң "деп шәрт қойыпты, барып урыстым ғой!
Нөкиске жеткенше жигит ойланып барды.
,,Қызларға не болған өзи?"
Жигит ойланаман дегенше Нөкиске келди. Тәбиятта адамның минезиндей аўмалы төкпели аў. Бағанағы қуйып атырған жаўыннан наўа жоқ. Күн жарқырап ашылып тур.
Желдей есип турған бир ,,Дамасқа" минип алды. Туўры арқаға өтти, алдыға ғарры-қуртаң минер дегени, және усы маршруттың ақырына шекем барады. Қызықтың үлкенин ,,Дамаста" көрди. Жолда турған кейўаны жастағы ҳаял маршруткаға минип атырып, алдыда отырған қыздан орнын бериўди өтиниш етти.