Пока нет отзывов. Будьте первым, кто поделится своим опытом!
Последние посты
Бахытсыз Мәкан
24 апр. 2026 г., 14:02
https://telegra.ph/-12-22-619
245
0
0
Бахытсыз Мәкан
24 апр. 2026 г., 14:02
📷 Photo
Хат сегиз бүкленбейди
Хат жети мәрте бүкленеди – сегизиншиси имкансыз. Бирақ оныӊ ҳәрбир бүклениўинде мағана бар: ол бир я еки мәрте бүкленсе; ондағы сөзлер онша әҳмийетке ийе емес, ал үш ямаса төрт мәрте бүкленсе; онда әҳмийетлирек ҳәм хат тасыўшыдан жуўапкершиликти талап етеди, егер бес йәки алты мәрте бүкленсе; күтә зәрүр ҳәм қупыя сөзлер жазылған. Хаттыӊ жетинши мәрте бүклениўи – сырды хат ийеси менен қабыллаўшыдан басқа хешким билмеўи тийис екенлигин аӊлатады. Хат болса сегизинши мәрте бүкленбейди, демек, ҳәммеден пинҳәмы сақлайтуғын сырдыӊ өзи жоқ…
Томас Штраухен Гринденбург Вирте
Егер сен тараканды өлтирсең – қаҳармансаң,
Егер гүбелекти өлтирсең – жаўызсаң.
Морал эстетиканың критериясына тийкарланады.
Ф.Ницше
241
0
Бахытсыз Мәкан
24 апр. 2026 г., 14:02
📷 Photo
ОБРАЗ ТҮСИНИГИНИӉ ТУЎЫЛЫЎЫ
Бизиӊ эрамызға шекемги IV әсирде жасаған Платон предметте оныӊ өзинен тысқары көринис яки идея бар деген шешимге келип, столда столлық (стольность) пенен кесaдa кесaлық (чашность) сыпат бар деген мысаллары арқалы өз концепциясын алға сүрди. Ал, оныӊ пикирине қарсы шыққан Диоген:
– Платон, мине, мен стол ҳәм кесаны көрип турман, ал столлық ҳәм кесалық сыпатты көрмей турман – деп бийкарлаўға ҳәрекет етти. Платон оған жуўап ретинде былай деди:
– Сенде стол ҳәм кесaны көретуғын көзлер бар, ал столлық (стольность) ҳәм кесалық (чашность) сыпатты көретуғын ақыл жоқ.
Платонның бул концепциясы биз билген образ, образлық түсиниклериниң қәлиплесиўине тийкар болды.
202
Бахытсыз Мәкан
24 апр. 2026 г., 14:02
📷 Photo
ДОН ЖУАН КИМ ЯМАСА ЖИГИТ ОБРАЗЫНЫҢ КЕЛИП ШЫҒЫЎ ТАРИЙХЫ
Биз билген ҳәм бүгинги коммуникацияда "қызлар аӊшысы" метафорасында қолланылатуғын бул атама Англиялы жазыўшы Ж.Г. Байронныӊ «Дон Жуан» поэмасы арқалы бүгинги мағанасында кеӊ тарқалды. Байрон бул поэмасы менен Европаныӊ жаӊа цивилизациясын сынға алған еди.
Поэманыӊ қысқаша мазмуны төмендегише:
Байронныӊ «Дон Жуан» поэмасы Испаниялы жигит, Донныӊ (Испаниядағы жоқарғы атақ) баласы Хуан ҳаққында болып, ўақыялар жигиттиӊ балалық жылларынан басланады. Хуан ер жете келип шаӊарақлы ҳаял менен ышқый мүнәсибетте болады. Олардыӊ мүнәсибетлери әшкар болғаннан соӊ Хуан теӊиз флотилиясына, ал ҳаял болса монастрлыққа жибериледи. Хуан хызмет еткен корабль бахытсыз ҳәдийсеге ушырап, Хуанды қарақшыныӊ қызы таўып алады ҳәм Хуан оны сүйиклисине айналдырады. Кейин ала ол қул қылып сатып жибериледи, түрк султанлары сарайында хызмет етип жүрип, түрк қызын өлимнен қутқарады. Соӊ түрк қорғанына топылыс жасаған рус әскерлерине қосылып кетеди ҳәм Екатерина II сарайына келеди. Сарайда жүрип император ҳаялға унап қалады ҳәм оныӊ менен де жақын ышқый мүнәсибетте болады. Император жигитти дипломатиялық ислер менен Лондонға жибереди, Хуан Англия аристократлар орталығында болып, ўақтын ҳаяллар менен шағал-мәсликте өткереди. Поэма соӊында герцогиня монастрлық кийиминде Хуанныӊ бөлмесине кирип келиўи менен шығарма жуўмақланады.
Әдебиятшылар Байрон поэмасында Испанияныӊ Севилья қаласында жасаған белгили аристократ дон Жуан прототипи сәўлелендирилген деген пикирди алға сүреди. Севильяда елеге дейин дон Жуанныӊ басынан кеширген ышқый ҳәм жаўынгерлик «ерликлери» ҳаққында әпсаналар бар, ҳәтте оған арнап Тенорио, Севильяда ескерткиш орнатылған.
Бахытсыз Мәкан
24 апр. 2026 г., 14:02
📷 Photo
* * *
Оқымаң тергеўши болып санама!
Мен бийик емеспен журттан бир қарыс.
Жазбайман зыяны тийсе анама,
Енди мен болмайман соңғы жолбарыс.
Жүриўди тоқтаттым!
Жүрмеймен енди!
Күлиўди тоқтаттым!
Күлмеймен енди!
Үриўди тоқтатың, үрмеңлер енди,
Ийт – адам жолдасы, ермеңлер қайтып.
Қағыйда жөнинде пикир алысып,
Кетип барар тили-сөзи шалысып,
Ең соңында ант орнына ар ишип,
Сен шайыр емессең деген ағалар.
Бирақ аңлып барар бурынғысындай,
Кеўли кең балақтың жуўындысындай,
Ал, мениң жаралған
түрим усындай,
Саған жараспаса көнесең енди.
Қол жөтеллеп жетелесе жалаға,
Соңғы сөзим, еситесең, ал, аға,
Қарақалпақстан деген алтын далаға,
Қосығыма қосып көмесең енди!
✍️ Расул МУҲАММЕТ
Канал: https://t.me/Rasul_MUHAMMET
«Ўзбекистон Республикаси халқ шоири» фахрий унвони билан
Генжемуратов Бахтияр Алламбергенович - Ўзбекистон Ёзувчилар уюшмаси аъзоси, шоир, таржимон
https://t.me/b_genjemuratov