Жыллар талықтырды, жолларым емес,
Айра соқпақларда жасайман бирақ.
Мени бенде қылған қолларым емес,
Аяқ басқа жолға басламас бирақ.
Басымды жарғанның басын сыйпалап,
Тас атқан қолларын туттым көзиме.
Өлимим күткенге өмир тилеп тек,
Ашынбай кетиппен өзим-өзиме.
Ажеп, жүрегимди кеширмедим хеш,
Азат етпедим хам желкемди жүктен.
Мине болсадағы енди бари кеш,
Ноябр питпекте асығып күткен.
Танҳа бахар менен болалмай жолдас,
Барше маўсимлерге бергенмен қолым.
Мейли ҳазирги гүз мен ушын болмас,
Кейинги сапарға ол барар жолым.
Енди ше? Кейинги сезим қанатын,
Қай тәреп қағаман, кимди аңсайман.
Бир от бар ишимде тынбай жанатын,
Мен онда күл болып ғана жасайман.
Ақшам! Түнлер ушын айтаман нәлет,
О қандай инсапсыз, сыйқырлы әдет,
Түслерим алдайды мен тек қәлеп
Балким, соның ушын уйқылағым келмес.
Ай-ҳай! Кеулим мениң нәкәслик көрип,
Мың мәрте тирилди, еки мың өлип,
Маған тәғдир берген азапты бөлип,
Сеуги сейилине жолды бермеген.
Тек баҳар келер деп инанған кеулим,
Жалғыз күнлеримде жетим қылмайды.
Мен булай айралық ҳаққында жазып
Оқысам ким келип мени тыңлайды.
Жыллар жалықтырды, жолларым емес,
Жүрилген жолларда тек қалды елес,
Кеткенлер ол жолдан айланып келмес,
Тек қайтар артына мәңги толғаныс.
Сағыныш! Жазыуға болалмас тосық
Ҳам жалынар жүрек жазба деп және.
Мине сениң ушын жазылған қосық,
Енди сениң берген сол уәдең қәне?.
✍Расул МУҲАММЕТ
Канал: