Төлепберген Қайыпбергенов
Маман бий әпсанасы
Роман
Ешектиң бас жибин қуўырдақшының мойнына бир орап:
— Мә, апқал, ешек минезли адам! — деди де, Қаракөздиң желкесинен тартып түргелтти. — Жылама, ер изиме!
Ешек, ийесиниң изинен жылағандай, әстен-әстен пысқырып ақырып қала берди...
18
Маман бийдиң бүгин кейпи өзгеше. Ҳеш қашан қылмаған қылық шығарып, жамбаслады. Мырзабек бий аўылынан айдап келген малларын нөкерликте азаматы өлген гилең аш-арыққа үлестирип, елдиң басындағы аўыр жағдайы жөнинде ойланып атырған бийди, сырттан көрген душпаны, пәйнекке қашатуғын нәшебент болыпты, деп сөз тарқатарлық. Еки аяғын баўырына тартып, жүдә мүлгип, тас кеседеги суўып кеткен чайды шым-шым уртлайды. Ел қайтадан толысыўға бет алып, «пәленшениң ҳаялы жас босаныпты», «пәленше думатайлы болыпты...» деген қуўанышлы хабарлар бултлы түнде жылт еткен жулдызлардай, жақтылықтан дәмелендирип қуўантып киятырғанда, елге бес жүз нөкер салынып, олардың да биразы тири қайтпағанына, тири қайтқанларының қарыў-жарағы алып қалынып, сыптай сыбай-салтаң жиберилгенине, қабырғасы сөтилип, басын көтере алмайтуғын үлкен бийдиң бул отырысы зайыбы Бағдагүлге жеңил тиймеди. Узын шубай ой түтининен шығарып алыўдың жалғыз жолы деп оның басқаларға қылған жақсылықларын бөрттирип, есине салғанды мақул көрди.
— Төрем, бир нәрсе сорайын ба?
Бий басын көтермеди:
— Сора, — деди мүләйим даўыс пенен.
— Адам-адамға қәўендерлик қылмағанда, бул дүнья қандай болар еди?
— Жердиң жүзи азыўлы ҳайўанға толып, күнде бир-бирин жарар еди, — деди бий ойланбастан.
Соның арасында ошақтағы оттың жубы үзилип, Бағдагүл далаға шықты. Тез қайтып кирип, отынның ығында үш баланың бүрисип отырғанын хабар етти. — Неге кир демедиң?
— Сениң ҳәсиретли түриңди жас балалар көрмесин, төрем.
— Шақыр, шабазым. Ҳә, балалар, ишке кириңлер! — деп даўыслап, бий тикейип малдас қурынды. Ошақтағы оттың ҳәўирине еки бети қызарып қулағынан айланған узын муртларын сыйпалады.
— Ҳаў, Аманлық, — деп салды баслап кирген узын баланың сәлемине араластырып.
Серли бий, баланың атын жаңылыстырғаны болмаса, дәл таныды. Үш баланың үлкени Аманлықтың улы Жақсылық еди. Бий оның бастан аяғына көз жуўыртып, Аманлықтың жас гезин, Алмагүлди ертип жүргендеги сыйқы-сымбатын еследи.
— Ҳаў, Жақсылық балам, — деп ол өз қәтесин өзи дүзетти, ҳәм түргеле сала оның маңлайынан бир сүйип, қасындағы еки жолдасының да өсик шашларынан сыйпалап, дөгерегине қоршап отырғызды. Чай берди. — Ой, балам, Жақсылық, мен Аманлықты көргендей болдым. Дәл өзисең. Ал, қайдан жүрсең?
Ол Жақсылықтың жолдасларын өзи таныўға талапланып, сер салды. Екеўи де Жақсылықтан киши, қыйық көз балалар. Шашлары өскин, кийгенлери орыс пенен татар байларының балалары кийетуғын кийимлер, анық танымасын билген соң сора ды. — Мынаў балалар кимлер?
— Үкелерим, — деди Жақсылық.
(Даўамы бар)
Канал:
23. 04