ҚУЗҒЫННЫҢ ҚОСЫҒЫ
Мениң қас жаўым — бөрилер,
Мениң бас жаўым — тирилер.
Мен өликсеқумар дәрўиш,
Адам не, ҳайўан — бәри гөш!
Еркек, ҳаял, ғарры, жас па,
Адам гөши таптырмас та!
Өли арыўдың жүзинен,
Шоқысам бир-бир көзинен,
Есимнен кетпес ҳеш мениң,
Қара түсли нәрестениң,
Күтпей ашлықтан өлгенин,
Шалажан лашын тилгеним…
Бурын журт Күнге сыйынып,
Өлимтик таўда үйилип,
Жатар еди. Ал, бул күни
Ким қайғырар биз сорлыны.
Қан сасыған далам қайда?
Дүзде жатқан тағам қайда?
Тат басажақ қылышлар да,
Көз тийди-аў урысларға.
Ўаҳ, сол саўашлар, қызыл қан,
Қузғынға ашыл дастурқан,
Солар нағыз еркек еди,
Айтсаң бәри ертек енди.
Тек ТЫНЫШЛЫҚ дәркар емиш,
БМШ деген бар емиш…
Ойлағаны қам, бәри пуш,
Мен — көпти көрген ғарры қус.
Атам қузғыннан қалған сөз:
«Адам жасай алмас қырғынсыз».
Модасы көшкен мылтықтан,
Бир түймеде миллион жан.
«Атом» деп оған ат қойған,
«Қара күнге» деп ап қойған.
Бурынғыдай дар қурып,
Жүрмейди енди, жарқылық.
О бийик дарлар, үшағаш,
Сен барда да қалмадық аш.
Басынан шоқып жарайық,
«Ғарғалар ушса қарайық,
Көздиң жасына шомыла,
Марғуланның жолына».
Шеттен атар биротала,
Шайыр, алым ура толы.
Ойшылдың етин ойып жеп,
Бир заманлар тойып-ек…
Ере алмай көштен қалып,
Биреў жатты естен танып.
Бир несийбем шөлден шығар,
Бир несийбем гөрден шығар.
Ашырқасам түске енер,
Еки аяқлы өлилер.
Ҳәй сен, болажақ жемтигим,
Кеңесим саған ендиги:
Қайрақты сал қылышыңа,
Түпир анаў БМШыңа,
Қара болсаң ақларды сой,
Ақ болсаң қараға от қой.
Баўызла қозғаса жиниңди,
Бомбала кемситсе диниңди.
Тарқат оба, тырыспайды,
Саған саў жүрген жараспайды.
Сасық тышқан аўлай берип,
Жалықтым, мен саған жерик.
Урыстың оты өшпесин,
Қузғынлар тойып гөш жесин!
Аллаяр Дарменов,
9, 11- январь, 2026-жыл.