#Балалар_әдебияты
КИТАП АТАНЫҢ АҚЫЛЫ
– Китап ата, сен неге?
Турасаң бәрҳа текшеде?
Ашылмайсаң ҳешқашан,
Үсти-басың аппақ шаң?
Бурынлары столдың,
Туяғында жатар едиң,
Жаз келсе шыбынларды
Сен ɵлтирип атар едиң.
Ағам балық әкелсе,
Жулар едик бетиңди.
Ҳәзир ɵзгерди кɵп нәрсе,
Адамлар да жетилди.
ϴзгерип кетти столлар,
Шыбынға шықты кɵп дәри.
Балық па, таяр турар
Салфетка орамлары.
Тиси кетик атамдай
Қашып кеткен сықылың.
Айтыўға бир адамдай
Жоқ па маған ақылың?
– Тилге кирди Китап ата,
Шамасы, бийтап ата,
– Ишим мениң дүр, балам,
Ашып-ашып кɵр, балам.
– Дүр болсаң неге онда,
Атам ашып кɵрмеген?
Алдына алып апам да,
Сени оқып бермеген?
Әкем сирә бизнесмен,
Сени жаны сүймейди.
Анам үйде… билмеймен,
Бирақ қолы тиймейди.
Оқымаған әжағам да,
Оқымаған әжапам да,
Сени оқыў сол ушын,
Шәрт пе екен маған да?!
– Әй шырағым, қулыным,
Узақ болсын ɵмириң,
Баласы бол да адамның,
Баласы болма атаңның.
Тәрбияңда кемлик бар,
Менде оған емлик бар,
Сыпырып мына қурымды,
Тазарт мениң түримди.
Саған кеўил бɵлмеген,
Әкеңе мени оқып бер,
Телефоннан қолы тиймеген,
Шешеңе мени оқып бер.
Қызықпайды әўели,
Аўыртпа дейди басымды.
Бирақ таслама мени,
Сɵндирме ықласыңды.
Әжағаңды да қызықтыр,
Әжапаңды да қызықтыр,
Бәри сениң қолыңда,
Қайтпа сирә жолыңнан.
Билим баслар бахытқа,
Асық, кара ўақытқа,
ϴзиңе исен, еплейсең,
Билимсизди емлейсең.
– Мақул, мақул, Китап ата,
Болмаң сирә бийтап, ата.
Айтқаныңды қыламыз,
Билимли ел боламыз.
©Аллаяр Дарменов
https://t.me/Allayar_Darmenov