А Н А
Әй ана, билемен тилегимдесең,
Сен мениң мудамы жүрегимдесең.
Қандай көретуғын болсаң сен мени,
Мен де тап жанымдай көремен сени.
Сеннен қымбат не бар маған дүньяда,
Сен болмасаң келмек қайда дүньяға!
Балалық дәўиримди еске алайын,
Өткен өмиримди ойлап қарайын:
Бөбек болдым, бала болдым, ер жеттим.
Адам етип сениң өзиң дөреттиң.
Туўған соң қырық күннен шақақлап күлдим,
Мен күлсем, сүйсиндиң, масайрап жүрдиң.
Жыласам жубаттың, көрсең қуўандың,
Аппақ сүтлериңнен емдим де қандым.
Еркелеп турғанда қушақты аштың,
Жуўырып барғанда, баўырыңа бастың.
Қанша қыйқаңшылық етсем, шыдадың,
—Аспандағы айды бей!- деп жыладым.
Пал берсең «сүт бер!»-деп қыңырлық еттим,
Сүт берсең, «пал бер!»-деп табақты төктим.
Неше тәртипсизлик исти еттим мен,
Айыпсынбай, кеўилиме жеттиң сен.
Бәрин ҳүрмет пенен ядқа аламан,
Ойлағанда уялып та қаламан.
Уллы-киши, аға, қарындас, иним,
Бәриңде де болды мениң минезим.
Ҳәммесиниң еркелигин кеширдиң,
Әлпешледиң, мәпеледиң, өсирдиң.
Ыссыдан, суўықтан бизди сақладың,
Аналықты ҳүрмет пенен ақладың.
Өмириңниң неше-неше жылларын,
Пидә еттиң, ержетсин, деп балларым.
Жаслығымда сондай тәрбия еттиң,
Мине, бүгин адам болып ер жеттим.
Исиңди умытсам, инсан емеспен,
Тутарман ҳәмириңди, болмас демеспен.
Енди сениң шын кеўлиңе жетейин,
Ҳадал жүрек пенен хызмет етейин.
Жаным пидә ҳәр бир айтқан сөзиңе,
«Баўырым» деген сөзиң қуўат өзиме.
Егер, еркелесең, мен де шыдайын,
Жалықтым деп, ҳеш етпеймен ўайым.
Сәҳар турып, пал бер, десең, берейин,
Қайда жумсасаң да барып келейин.
Егер, тап десең де қоянның сүтин,
Сөзиңди қайтармас ҳадал перзентиң.
Әкелип бер десең де қуланның майын,
Сениң ушын ол да болады тайын.
Терең теңизлерден тап десең балық,
Кетермен, ақыры келермен алып.
Отқа жумсасаң да оннан қайтпайман,
Қулласы, мен сени ҳеш муңайтпайман.
Мениң ықтыярым сениң қолыңда,
Өлсем де ырзаман, сениң жолыңда.
Меҳрийбаным анам, жүрегим, жаным,
Анамдай қәдирдан уллы Ўатаным!
Мойнақ, 1939-жыл.