ТАРЫДАН ИСЛЕНЕТУҒЫН ТАҒАМЛАР
ТАРЫ~Қарақалпақстанның барлық аймақларында өсирилетуғын, бир жыллық, бийиклиги 70-80 см шамасындағы, дәнлилер семействосына киретуғын, пақалы тик, жапырақлары гезеклесип орналасқан өсимлик. Тары жаз айларында егилип, қысқа мүддетте писип жетилиседи, аңызақ ҳәм ыссыға төзимли.
Қарақалпақстанда тарының ақ тары, қызыл тары, сипсе тары деген түрлери бар. Буның ишинде ақ тары, қызыл тары--азықлық өсимлик болса, сипсе тарыдан атынан көринип турғанындай сипсе буўылады. Сипсе тары жуўериниң бийиклигиндей болып өсип, сабағы да сол жуўериниң шиңгириги менен барабар болады.
Тарының азық-аўқат зат сыпатында асханаларға кирип келиў тарийхы әййемги скиф, сак тайпалары дәўирине барып тақалады.
Тарыдан таярланатуғын тағамлар~денедеги холестеринниң азайыўына, артық салмақлылықты қәлпине келтириўде, адамның терисиниң, шашының сыртқы көринисин жақсылаўда пайдалы.
Қарақалпақ асханасында тарыдан таярланатуғын тағамлардың түрлери оғада көп. Олардан сөк, тақан, жент, май сөк ҳәм май сөкке уўылған зағара болып табылады. Сондай-ақ, сөкти қатыққа салып, жибитип жеў~кишкене балалардың асқазаны ушын пайдалы. Сөкти сүтке, қаймаққа, майға араластырып та, қурғақлай да жей бериўге болады.
Тарыдан таярланатуғын тағамлар шай менен десерт есабында дәстүрханға тартылады.
Төменде тарыдан таярланатуғын тағамлар түрине қысқаша түсиник берип өтемиз:
СӨК~сөкти таярлаў ушын тарыны тазалап, үлкен қазанға суў қуйып қайнатады. Қаўызы ашыла баслаған ўақытта, шыпта ямаса жайылған бөз таўардың үстине жайып шала кептиреди. Буннан кейин қазанға салып қуўырып, күйип кетпеўи ушын арнаўлы тары қалақ пенен араластырып, былғап отырады.
Тары кеўилдегидей қуўырылып пискеннен соң келиге салып келсап пенен түйиледи. Түйилген тары әбден ақланған соң самалға суўырып кепегинен айырады. Ақланған тарыны енди "сөк" деп атайды. Сөкти қурғақлай, сүтке, қатыққа салып жибитип, қаймаққа, майға араластырып, шайға салып жеўге болады.
ТАҚАН~сөк тақан, таяр сөкти дигирманға тартып ун етиў арқалы таярланады. Тақанға дәм келтириў ушын қум шекер муғдарына қарап қосылады. Бурынлары қант, қумшекер табылмағанда жийдени түйип, тақанға араластырып та пайдаланған. Әлбетте, "жийде тақан",--деп аталатуғын тағамның таярланыў усылы басқаша:~қатқан нан зая болмаўы ушын жийде менен қосып, келиге салып түйиў жолы менен таярланады.
Тақанды, суўға, шайға, қатық, сүт пенен араластырып желинеди. Шайға десерт ретинде қосып дәстүрханға тартылады.
МАЙ СӨК~қарақалпақлардың ерте дәўирлерден бери киятырған миллий тағамларының бири. Оны күнделикли турмыста, той мерекелерде, сыйлы қонақларды күткенде, әсиресе, шиллеханада--"бесик той"ларда, үйге келин келгенде сары майға сөк уўып қойыў--ең бир әжайып дәстүрлеримизден бири болып, сол жақсылықтың сөктей көп, майлы болыўын ырым етип қойылыўдан басланған. Екинши тәрепи: май сөк--тойымлы, мазалы болып, дәстүрханға шийринлик, татлы тағам ретинде усынылады.
Ҳәзирги күнлерде де жас нәрестениң бесик тойы берилип, баланы бесикке салар ўақытта келинниң төркини тәрепинен сөк, сары май, қант [қум шекер] әкелип, май сөк уўып, келгенлерге аўыз тийгизиў дәстүри республикамыздың барлық районларында бар жақсы дәстүрлердиң бири.
Май сөк таярлаў күтә әпиўайы болса да шеберликти, дыққатлылықты талап етеди, қайнаған суўға салынған сөк езилип, жармадай болып кетпеўин қадағалайды, соң муғдарына қарай қумшекер, сары май араластырылып уўылады, Буннан кейин таяр май сөк қонақларға тартылады.
Май сөкти тойларда: бесик тойларында келинниң төркини, нәрестениң дайы тәрепи әкелетуғын болса, келин тойларында келинниң төркини ҳәм қәйин журты тәрепинен келинниң мурындық енеси әкеледи.
ЖЕНТ~сөк тақаны ҳәм сөктен сары май, пал араластырып қатырыў арқалы таярланады. Бул ҳаққында арнаўлы <<Жент тағамы>> [қараңыз[,-- деген темада сөз еттик. Жентке сары май, палдан басқа сүт, иримшик, кишмиш, ғоза дәнин де қосып таярлай бериўге болады.