#Ҳикметли_өмир
БИЙТАПЛЫҒЫҢЫЗДЫ САДАҚА МЕНЕН ДАЎАЛАҢ!
Бир адамның жүрек қәстелиги бар еди. Докторлар кеселлигиниң жүдә аўыр екенин, операцияны тек шет ел докторлары қыла алыўын айтты. Бийтап ўақытты босқа өткерместен Лондонға кетти ҳәм жақсы доктор таўды. Бул доктор да қәстелигиниң аўырлығын ҳәм
операция қылынса жасап кетиў имканияты 1% екенин айтты. Бийтап не қылыўын билмей, көп ойланды ҳәм операциядан алдын журтына қайтып ўәсият жазып ҳәм басқа ислерин орынлап, 10 күн ишинде ҳәмме ислерин питкерип, қайтып келиўи ҳаққында докторға айтты.
Қәсте адам елине келди, 10 күн ишинде ҳәмме ислерин ислеп, жақынларынан разылық алып, үйинен шықты. Жолы базардың қасынан өтер еди. Базарда бир қассап гөшлердиң жаман бөлеклерин кесип таслап атыр еди.
Жас ғана бир ҳаял сол тасланды гөшлерди терип алып атырғанын көрди. Ҳаялдың қасына барып, неге тасланды гөшлерди алып атырғанын сорады. Ҳаял уялған ҳалда, 5 перзенти бар екенин, перзентлери тек жылына 1 мәрте,яғный Қурбан ҳайытында гөш жейтуғынын айтты.
Буны еситип жүдә қапа болды. Қассаптан 5 килограмм гөш алып, сол ҳаялға берди ҳәм 5 жыллық гөш ушын пулды алдыннан қассапқа төлеп қойды. Сонда, ҳаял көзлери жасқа, қәлби муҳаббатқа толып, қолларын дуўаға көтерип:
"Аллаҳым, Сен бул адамның бәрше мүшкиллерин аңсатластыр", - деп дуўа етти. Ҳаял шын жүрегинен дуўа қылған еди.
Бийтап Лондонға қайтты ҳәм операциядан алдын тексериўлерден өтиўи керек еди. Тексериўден өткерип атырған доктор ҳайран қалды ҳәм 3 мәрте қайта тексерди ҳәм бийтапқа: "Мөжиза, жүрегиңиз саламат", - деди. Доктордың гәпин еситип, сол ҳаялдың дуўасы есине түсти ҳәм докторға: "Мөжиза емес, бир ҳаялдың қуўанышлы көз жаслары себепли Аллаҳтың берген шыпасы", – деди.
Имам Табараний Әбиў Умама Баҳилий разыяллаҳу анҳудан қылған рәўиятта, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Бийтаплығыңызды садақа менен даўалаң», деген.
https://t.me/omir_sabaqlarinan
👉