ДЫМ ШЫРАЙЛЫ
Күлгишиңде күлежақсыз, дым шырайлы,
Айдан түскен шуғладайсыз, дым шырайлы,
Ҳәзир бизге нәзер салмай, бийпәрўасыз,
Еле бизди сынайжақсыз, дым шырайлы
Ышқы менен ҳәр кимсе бир сыналады,
Қыйналады, ал ҳүжданым қыйналады,
Жапа шегип көксимизди қыймалады,
Сиз қайтымын алажақсыз, дым шырайлы.
Сағынышта жасап дәртде, азарымда,
Жазмыштың да басқа екен жазары да,
Арзаншылық болсадағы базарымда,
Сиз бийбаҳам болажақсыз, дым шырайлы.
Ышқ ертеги , бир бар екен, бир жоқ екен,
Етегинен тутсам десең пир жоқ екен,
Делбе болып кетпеге бир қыр жоқ екен,
Басқа түссе көрежақсыз, дым шырайлы.
Ушырасса ўапа билер ўападарлар,
Сәлем айтып қойың , болсын саламатлар,
Өткен ҳәмме иске айтып салаўатлар,
Келешекде кележақсыз, дым шырайлы.
Сүйиўимди билежақсыз, дым шырайлы,
Өзимдики болажақсыз, дым шырайлы...
Дым шырайлы...
Ғайрат Шералиев.
Қарақалпақ тилине аўдарған: Абат Крамов.
БИР ЧИРОЙЛИ...
Кулгич билан кулажаксиз, бир чиройли,
Ойдан тушган шуъладаксиз, бир чиройли.
Ҳозир бизга назар қилмай, бепарвосиз,
Ҳали бизни билажаксиз, бир чиройли.
Ҳар ким севишгани билан синалади,
Қийналади, виждон бўлса — қийналади.
Жафойингиз жигаримни қиймалади,
Қайтимини олажаксиз, бир чиройли.
Соғинч билан яшаб дардда, азиятда,
Борай десам бормайдиган вазият-да,
Арзончилик бўлганда ҳам жамиятда,
Бебаҳойим бўлажаксиз, бир чиройли.
Ишқ эртаги бир бор экан, бир йўқ экан,
Этагидан тутай десанг пир йўқ экан,
Бошинг олиб кетай десанг қир йўқ экан,
Бошга тушса кўражаксиз, бир чиройли.
Учраб қолса вафо деган валломатлар,
Салом айтиб қўйинг, бўлсин саломатлар.
Ўтган ҳамма ишга айтиб саловатлар,
Келажакда келажаксиз, бир чиройли.
Севишимни билажаксиз, бир чиройли,
Ўзимники бўлажаксиз, бир чиройли...
Бир чиройли...
Ғайрат Шералиев.
Ташкент ўалаяты
Өзбекстан жазыўшылары аўқамы ағзасы.