🌺 ХАЛҚЫМ САҚ БОЛАЙЫҚ ҚЫЗЛАРЫМЫЗҒА
Бар айыпты төнкерместен заманға,
Алып топылмастан, адам- адамға,
Таплатпай намысын нәкас, наданға,
Халқым сақ болайық қызларымызға.
Айтайын келген де гәптиң қолайы,
Қыз бала емес пе, елдиң шырайы?
Миллет едик, қыз сыйлаған удайы,
Биз қорған болайық қызларымызға.
Азаматлар кийген басына бөрик,
"Ар ушын қара кий"- абырой шерик,
Ҳәр бирин көз қарашығыңдай көрип,
Қалқаны болайық қызларымызға.
"Бос усласаң қолды қыяды қамыс,-
Ерди өлтиреди, демей ме намыс?",
Тәрбиялап, жат иллетлерден алыс,
Көз қулақ болайық қызларымызға.
Ашылмай атырып он гүлден бири,
Тықпайық солдырып, гөрине тири,
Кетпейди жуўсаң да кеўилдиң кири,
Пәрмана болайық қызларымызға.
Миллет келешеги- болажақ Ана,
Қара шаңарақтан... алады саға,
Аўҳалға түсирмей, услатар жаға,
Халқым бек болайық қызларымызға.
Ақшолпан Аманияз 09.02.2022 жыл
"Шежире" руўхый-ағартыўшылық каналы👉