Ҳәййиў
Ҳәййиў, ҳәййиў, Айданам,
Сулыўлықта бир данам,
Бағда ашылып гүлдей,
Жайнап турған гүл-лалам.
Ҳәййиў, ҳәййиў, айдай қыз,
Жипек минез, жайдай қыз,
Бахыт қусың жарқырап,
Несиңбең мол болғай, қыз.
Ҳәййиў, ҳәййиў бөбегим,
Жан дүньямсаң, жүрегим,
Қолқанатым, туңғышым,
Қәдирлимсең, керегим.
Ҳәййиў, ҳәййиў, ақыл қыз,
Сыр сандықлым, нақыл қыз,
Аппақ қардай пәкизем,
Дүр, алтыным, ҳасыл қыз.
Ҳәййиў, ҳәййиў, периштем,
Ақ бесикли нәрестем,
Дүнья жүзин шарлағай,
Бийик болғай несийбең.
Ҳәййиў, ҳәййиў, Айқызым,
Ай жүзи нур, ҳүр қызым,
Дениң саў болғай қызым.
Ығбалың жанғай, қызым.
Ҳәййиў, ҳәййиў, Айдана,
Сен данасаң бир ғана.
Бағда ашылып гүлдей,
Жайнап турған гүл-лала.
Айгүл Қосымбетова
2025-жыл ноябрь