Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги көтериңки руўхта өткерилди
Бүгин, 23-август күни "Бирден-бир Ўатан, бирден-бир халық болып, жаңа өмир ҳәм келешек жаратамыз!" сүрени астында өткерилген улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги шеңберинде Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы барлық мешитлер, зыярат етиў орынлары, қойымшылықлар ҳәм оларға тутас аймақларда кең көлемли тазалаў ҳәм абаданластырыў жумыслары шөлкемлескенлик пенен әмелге асырылды.
Шембиликте диний тараў хызметкерлери, имам-хатиблер, имам орынбасарлары, мешит хызметкерлери ҳәм қәўим белсене қатнасып, муқаддес зыярат орынлары ҳәм мешитлер аймағын және де абат ҳәм пайызлы орынларға айландырыўға үлес қосты.
Әсиресе, мешитлерде халық, жергиликли ҳәм сырт елли зыярачылар ушын мүнәсип ҳәм қолайлы шараят жаратыўға айрықша итибар қаратылды. Таҳаратхана, ҳәўли-жай ҳәм әтираплар тазаланып, аймақлар абаданластырылды.
Бундай ийгиликли басламалар тек ғана қоршаған орталықтың абаданлығына емес, ал елимиздеги аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт ҳәм дөретиўшилик орталығын буннан былай да беккемлеўге хызмет етпекте.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
_____________
Мустақиллик байрами арафасида умумхалқ хайрия ҳашари кўтаринки руҳда ўтказилди
Бугун, 23 август куни "Ягона Ватан, ягона халқ бўлиб, янги ҳаёт ва келажак яратамиз!" шиори остида ўтказилган умумхалқ хайрия шанбалиги доирасида Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиётига қарашли барча масжидлар, зиёратгоҳлар, қабристонлар ва уларга туташ ҳудудларда кенг кўламли тозалаш ва ободонлаштириш ишлари уюшқоқлик билан амалга оширилди.
Шанбаликда диний соҳа ходимлари, имом-хатиблар, имом ноиблари, масжид ходимлари ва жамоатчилик фаол иштирок этиб, муқаддас зиёратгоҳлар ва масжидлар ҳудудини янада обод ва файзли масканларга айлантиришга ҳисса қўшди.
Айниқса, масжидларда аҳоли, маҳаллий ва хорижий зиёратчилар учун муносиб ва қулай шароит яратишга алоҳида эътибор қаратилди. Таҳоратхона, ҳовли-жой ва атрофлар тозаланиб, ҳудудлар ободонлаштирилди.
Бундай эзгу ташаббуслар нафақат атроф-муҳит фаровонлигига, балки юртимиздаги ҳамжиҳатлик, меҳр-оқибат ва бунёдкорлик муҳитини янада мустаҳкамлашга хизмат қилмоқда.
Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺
https://t.me/paziyletuz| 🤪
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912| 🛍
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e| 😍
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
🧐 Интернет сайтымыз: http://paziylet.uz/