ҚАРАҚАЛПАҚ БАТЫРЛАРЫ
(Бердақ жолына)
Баҳадуры бардур,
Йузгә сәрә – сәр,
Қудадан өзгегәдән,
Етмес қәўәтәр.
Әжинияз
Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Ели ушын ерек туўған,
Баҳадырлық жолын қуўған,
Қарсы жаўын талқан етип,
Көкирегин қалқан етип,
Мәңгилик жанған жалындай,
Қаҳарманлық тымсалындай,
Ана - Ўатан топырағында,
Шейит болып жатыр бәри.
Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Ҳәм Мәғриптен, ҳәм Мәшриптен,
Әмири Бухарый – Шарифтен,
Көрикли Самарқанд сайқалы,
Хорезм, Хийўа, Қоқаны,
Дәшти - Қыпшақ Ноғай ханы,
Ата журты Түркистаны,
Жаў жағының өр бетинде,
Патшалықтың хызметинде,
Садық болып қалды бәри.
Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Қара - Қыпшақ Туяқлыдан,
Мәрт баҳадыр Қоблан туўған,
Саўыт кийип Ақ маңғыттан,
Ер Едиге Әмир шыққан,
Басқарып Ноғай Орданы,
Жылаўында Қырым ханы,
Бир нешше жыл дәўран сүрди,
Қубла болып төрт таманы,
Кимдур буған гүман қылса,
Ашып көрсин жылнаманы.
Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Қоңыратлы Қолдаўлыдан,
Ашамайлы Сандаўлыдан,
Нөкер тартып атланғанда,
Ойын қурып мәрт – майданда,
Айдос, Бегис, Мыржық өтти,
Берген Аллам қүдретти,
Найзасының ушы менен,
Билегиниң күши менен,
Хорезмди титиретти,
Ол күнлер келмеске кетти.
Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Мың баланы жаў алғанда,
Ел – халқы шуўлап қалғанда,
Хожаназар батыр бас болып,
Әҳли яўмытқа қас болып,
Яд етип Қәдир Алланы,
Душпанға салып саўданы,
Мың баланы алып қайтты,
Жаўға ўайран салып қайтты,
Қарақалпақтың алды кегин,
Ашамайлы билсең тегин.
Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Қаңлыдан шыққан Төлеген,
Өзи ҳасылдан дөреген,
Ақыллы ҳәм сиятсатшыл,
Батыр болды дым көреген,
Қорғап Хорезм, Хийўаны,
Ис етпеди ҳеш биймәни,
Патшалыққа етип хызмет,
Хан ҳәзиреттен көрген ҳүрмет.
Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Алакөзли мәрт Ерназар,
Бул Туранның ойпатында,
Батырлықта кимлер озар,
Ҳақыйқатты қуран етип,
Еркинликти уран етип,
Халық ушын шаўды намысқа,
Уллы нийет атланыста,
Оны сатқын жазым етти,
Бул қайғылы ўақыяны,
Уллы Бердақ жазып өтти.
Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Айтсам батыр Ескенени,
Киятыр десе Ескене,
Жаўдың жаны сескенеди,
Елим деген батырларды,
Туўған халқы хош көреди,
Қуралланып саўыт кийип,
Атланғанда «Я ҳақ»,- дейип,
Душпан аман кеткен емес,
Оннан батыр өткен емес.
Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Аралбайлы батыр Марқабай,
Жаў майданнан қайтқан емес,
Урыста шери тарқамай,
Қоңыратқа жаў шапқанда,
Тыныш халықты шуўлатқанда,
Бийбастақлық бундай исти,
Батыр жаны унатқанба ?
Тез ертлеп жүрмел жорғаны,
Халықтың болып қорғаны,
Қапталында баҳадырлар,
Үстинде саўыт сайманы,
Жаўдың басын бурып қайтты,
Қарсыларын қырып қайтты.
Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Перзенти Ийшан қаланың,
Нәзери түскен Қуданың,
Ахун Муфтий Уламасы,
Аллаға жеткен наласы,
Иймам ийшан түп сағасы,
Асынып қарыў жарақты,
Қырық мың үйли шаңарақты,
Алпыс үш күнлик қамалда,
Халықты сақлаған аманда,
Айтар едим Ханмақсымды,
Бундай батыр ҳәзиретке,
Алмаспайман сан мақсымды,
Усы бүгин бер мақсымды,
Әўлийелердиң кәраматы,
Жақсылардың шарапаты,
Батырлықтың үлгиси боп,
Мәңгиликке қалды аты.