НАЎРЫЗАЙ КЕЛДИ
Қыс тоқсан қәҳәрин назлы жумсартып,
Сирескен қәлбине гүлди қумсатып,
Аппақ қардан көйлек тигип узатып,
Қысқа хош айтысып Наўрызай келди.
Көшкиде таўланған ол гөззал айым,
Жанымды елитер ҳәр күлген сайын,
Мың қубылып, көз-көз етип шырайын,
Реңлер пасылы Наўрызай келди.
Ҳәр бир қәдеминен гүллер өнеди,
Жанға жайлы жумсақ самал желеди,
Ырыс тилеп дийхан туқым себеди,
Мийнеттиң базары Наўрызай келди.
Ерип таў-төбениң қары-музлары,
Сүмелек қайнатар келин-қызлары,
Кең далама заўық берип сазлары,
Жерди жасартпаққа Наўрызай келди.
Есапланар бул күн бизде жыл басы,
Туўылыў пасылы, өниў арнасы,
Бунда сезимлердиң ең бир ағласы,
Кеўилди толқытып Наўрызай келди.
Ҳәр бир шаңарақтың тилеп тилегин,
Аўыз бирлеп, беккем етип тирегин,
Халқымызға жайып аппақ жүрегин,
Несийбе үлесип Наўрызай келди.
Қутлы болсын халқым жаңа жылыңыз,
Қуяш киби нурлы болсын жолыңыз,
Ҳәр жылдан да бәлент келсин қолыңыз,
Ана жерге көклем Наўрызай келди.
Нәбийра Төрешова
Қарақалпақстан халық шайыры
🌷Каналымызды гүзетип барыўда даўам етиң 👇👇👇👇👇👇👇
👉
https://t.me/toreshova_nabiyra