Пока нет отзывов. Будьте первым, кто поделится своим опытом!
Последние посты
Мои поэзии 🖋
24 апр. 2026 г., 14:02
Үнсиз қалғанлығың қорқытар мени...
1.Жуапсыз сораулар,түрли қияллар,
Тилим гейде айтыуға да уялар,
Тек ишинен "шыда бирәз" дей алар,
Үнсиз қалғанлығың қорқытар мени...
2.Түсинбеүшиликлер избе-из келсе,
Қыз кеүилим менен басымды ийсем,
Билдирмей қызғанып билдирмей күйсең,
Үнсиз қалғанлығың қорқытар мени...
3.Уақыт тоқтамайды бузып араны,
Таптырмайды гейде иләж-шараны,
Бәлким сол да суыттырып араны,
Үнсиз қалғанлығың қорқытар мени...
4.Урыс! Айт! Түсиндир болса қәтемди,
Жумбақ қылма,не қәлейсең айт енди,
Егер меннен кетер болсаң кет енди,
Үнсиз қалғанлығың қорқытар мени
Егер меннен кетер болсаң кет енди,
Үнсиз қалғанлығың қорқытар мени...
Улзада Полатбаевна
04.02.2026
242
8
0
Мои поэзии 🖋
24 апр. 2026 г., 14:02
Ақтаралмай китаптың да бетлерин...
1.Еситкенде түршигеди етлерим,
Ақтаралмай китаптың да бетлерин,
Әүладыма не айтаман,не деймен,
Камаловлар нелер көрип өткенин...
2.Жыл шаршатып,ел шаршатып елеклеп,
Ең соңында өзи өтипщ електен,
Гә тән алдық,гә алмадық ерлигин,
Суу тасыды бирәз тесик шелекте...
3.Қара бултлар жырын жырлап баратыр,
Дем таусылса жақсылардың,жан ашыр,
Кем болды да,көбеймеди бирақ та,
Қарақалпақ азайып -ақ баратыр...
Ақтаралмай китаптың да бетлерин,
Камаловлар нелер көрип өткенин...
Улзада Полатбаевна
11.02.2026
276
5
0
Мои поэзии 🖋
24 апр. 2026 г., 14:02
Әхмиетли инсәнлар уақыт өтип қәдирсизлерге айланады...
Себеби,қызықлы затлар хәрекети менен қызықлы. Хәрекетсизлерден зеригиү тәбиий жағдай...
216
3
0
Мои поэзии 🖋
24 апр. 2026 г., 14:02
Абайсыздан буздым кеүил айнаңды,
Ауырыуын бирге сезингендеймен...
188
4
0
Мои поэзии 🖋
24 апр. 2026 г., 14:02
Сағындырма мени...
1.Сазға салып кеүилдеги намамды,
Ашық әйлеп мендей сада адамды,
Тырнап және сезим атлы жарамды,
Сағындырма мени сағындырған яр...
2.Еске алып жалғыз қалған ақшамды,
Қыйнап қойып кеүли нәзик жас жанды,
Қумсап және бахыт қусы ушқанды,
Сағындырма мени сағындырған яр...
3.Жарасымлы жуплар боларма-екенбиз,
Ойлайман-ау,қиялым әкетер шексиз,
Мен ушын сен еле теңи жоқ,теңсиз,
Сағындырма мени сағындырған яр...
Улзада Полатбаевна
18.01.2026
271
7
0
Мои поэзии 🖋
24 апр. 2026 г., 14:02
Талғам әхмиетли емес...
Әхмиетлиси талғам сайлаған қәлеү-тек ғана қәлеүлигинше қалмауы...
244
1
0
Мои поэзии 🖋
24 апр. 2026 г., 14:02
Тыңлап тынышландым ишки даусымды,
"Бәрлығы өткинши","бәри таусылды",
Жыйнап келген исеним де шашылды,
Кеүлим суығанын сезбедиң-бе сен...
Бәлким,тәғдиримде жазылмай турсаң,
Қәйтейин кеүиллер узақлық қылса,
Шын ықласың менен шын сүймек болсаң,
Кеүлим суығанын сезбедиң-бе сен?!
264
5
0
Мои поэзии 🖋
24 апр. 2026 г., 14:02
Түнлер уйқысызлық есигин ашып,
Сезимниң белгисиз нурларын шашып,
Хәтте өзлигимнен ерксиз қашып,
Ашық болып қалдым сол бир жигитке...
Көрген күннен бери ойларым шексиз,
Мазамды қашырар қыял мезгилсиз,
Атын еситкенде қаламан үнсиз,
Ашық болып қалдым сол бир жигитке...
202
5
0
Мои поэзии 🖋
24 апр. 2026 г., 14:02
Гейде өмирде қолыңнан келмейтин нәрселер де ушырасып турады екен. Усы күнге шекем хәмме затты шешип келген жан,бүгин шарасыз...
-Неге екенин билесиз-бе? Себеби,бул рет инсәнның кеүлине хәм келешегине байланыслы нәрсе. Кеүилге байланыслы...
-Ауа,басқа бир инсәнниң кеүлине...