КЕЛИНШЕК
Мине, бәҳәр келди, сениң бәҳәриң,
Бул бир қутлы мәўсим болсын, келиншек,
Жайнап-жасна, шадлан, әйне мәҳәлиң,
Шадлық қызыл шаршың болсын келиншек.
Жасасын ҳаял-қыз! Алтын дәўраның,
Сизлер жәзийраның сулыў жейраны,
Пүткил дүнья қызларының байрамы,
Парахатшылық маршың болсын, келиншек.
Тойлар қутлы болсын, байрам мүбәрек,
Жасасын қызыл гүл! «Қызыл шүберек!»,
Не деген сүйкимли ғырра-дөгерек,
Жүзиң сондай жарқын болсын келиншек.
Жақсыға журт жанасады дегендей,
Ҳасылға журт таласады дегендей,
Босағаға жарасады дегендей,
Ийбе-идрек, көркиң болсын келиншек.
Қыз болдың, өзге қыз бәри жалғандай,
Келин бол, көргенлер қайыл қалғандай,
Ана бол, дүньяны тербеп турғандай,
Өмир саған төркин болсын, келиншек.
Дүнья мәмле болсын еки көзиңдей,
Әлем аппақ болсын ақша жүзиңдей,
Барлық миллет қызы мисли өзиңдей,
Туўысқан бир дүркин болсын, келиншек.
Тил тийгизбе ата-ене, елиңе,
Түссе тек жақсы сөз түссин тилиңе,
Садық бол, өз үйиң-жапсар, төриңе,
Пәк мухаббат-мүлкиң болсын, келиншек.
Қуўанғанда қуўанғандай қосылып,
Қәтелессең баратуғын бас урып,
Иркетуғын үзенгиге асылып,
Сыйласықлы халқың болсын келиншек.
Сыйла, қатар-қурбы, қурдас дегенди,
Солар сениң салдаўлайды кемеңди,
Айтар гәптиң «пос геллеси», ал енди,
Сүйсингендей парқың болсын, келиншек.
Әскербай ӘЖИНИЯЗОВ
Канал: