#Айттым_қойдым_дә
Келеси жылы (2027) Шаўдырбай Сейитовтың 90 жыллық юбилейи. Ҳәмме Бердақтың 200 жыллығында жүретуғын шығар. Бердақ пенен Шаўдырбай Сейитовты салыстырмақшы емеспен, бирақ, усы халықтың атын шығарған ҳәр қандай тулға мүнәсип баҳаланыўы, оған иззет көрсетилиўи шәрт деп ойлайман. Қоңсы қазақ, өзбек халықларының әдебиятында тек Абай, Муқағали, Муқтар Әўезов, Наўайы, Шолпан, Абдулла Арипов, Сейит Ахмед (Саид Ахмад) пенен ғана шекленип қалып атырған жоқ ғой. Аты аталған тулғалардан баслап, көп ғана дөретиўшилердиң туўылған күн сәнелери, еслеў кешелери жийи өткерип турылады. Бизде негедур басқаша аҳўал, оны өзлериңиз де көрип, байқап жүрген шығарсыз. 2024-жылы Тәжетдин Сейитжанов, Кәрәматдин Султановлардың 100 жыллығы қоса өткерилгени бар, басқа ўақта оларға деген итибар онша көзге көринбейди, тап усы жағыдай Тилеўберген Жумамуратов, Байнияз Қайыпназаров юбилейлеринде де болды. Оның да барына шүкир. Кимниңдур юбилейи болмаса, оны еслемеў – кеўилге унамсыз жағыдай.
Өзимше бир нәрселерди шөлкемлестирип, басын баслап, Шаўдырбай Сейитовтың 90 жыллығына азы-кем жобаларым бар еди, жеке өмирдиң ғалма-ғалы менен олар да әмелге асыўы қыйындай болып тур. Гейде усы каналдың жүрип турғанына-ақ қуўанып, өзимди алдап қояман. Бәрибир де мәмлекетлик көлемде, үлкен масштабта ис-илаж болыўы керек ғой, буны жоқары басшыларға еслетиўдиң өзи – УЯТ!
Ҳеш болмаса сол юбилей сәнеси менен-ақ мысалы Шаўдырбай Сейитовтың "Шығармаларының толық жыйнағы"ның (поэзия, проза, аўдарма, интервью, еске түсириўлер) пәлен томлығы шықса екен десем, "әрманға айып жоқ" болып кете ме!? Бирақ, қайда ол еле.!? Еле Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергеновлардың толық жыйнағы шықпай турғанда, басқа тулғаларға нәзер аўдарылыўы қыйын ҳал. Қос байтеректиң "Таңламалы шығармалары" шыққан болыўы мүмкин, бирақ, олар қайсы Муқағалиден, қайсы Шыңғыс Айтматовтан, қайсы Абдулла Ариповтан кем болған екен, усы ўақытқа шекем шығармалары толық жыйнақ болып көп тиражда шықпайды.
Китап, әдебият мәселесинде ақсай берер екенбиз, жаслар тәрбиясына өкпелемесек те болады, өйткени "төгин төкпей жерге өкпелеме"йик, "жер қатты болса, өгиз өгизден көрип" жүре беремиз.
Канал: