Қыз бала тəрбиясы:
Əзелден халқымыз қыз баланы аяулап, мəпелеп өсириуге хəрекет қылған. "Қызы бар үйдиң пайызы бар" сыяқлы нақыл , қызлардың өмирдеги орны, оның əжайып дөретиуши , əуладларымыздың дауамшылары сыпатында қəдирлениуине мысал бола алады. Үйде қыз бала тəрбиясына ана жууапкер болады. ,Анасын көрип , қызын ал,
Табағын көрип, асын иш" , "Анаға қарап қыз өсер" сыяқлы нақылларда ананың қыздың ийбели, епли, шаққан, илимли, билимли болыуында тиккелей орны бар екенлигин көрсетеди. Соның ушында қыз бала тəрбияны шаңарақтан алады. Шаңарақта ата-анадан тысқары "əжағалардың" тəрбиясы да қызлардың ийбели, əдеп-икрамлы болып өсиуинде тəсир етеди. Халқымызда "үш қызды тəрбиялап ,кəмалға келтирип,турмысқа узатқан ана "жəннетий" болады " деген нақылда бийкарға айтылмайды.
Менде изли -изинен үш қызлы болғанымда анам "өй бей усы үшеуин аман-сау келе қылып, халық қатарына қосып, бахытлары жанып кете ғойса асығың алшы болғаны, қызым ау" дегенде онша итибар бермеген екенмен. Олар изли-изинен оқыуларын питкерип, өмирден өз орынларын табаман дегенше....ех хе тап "ийнениң ушында отырғандай" тəшуишленгенимде, анамның сөзлерин еслеп, бийкарға айтпағанын түсиндим.
Социал тармақларда "оң жақта" босанған , алданған қызлар тəғдири, яки болмаса өмирлик жолдасынан аяусыз жəбир көрген , керисинше қыянет көшесине кирген қызлар тəғдири ушырамақта хəм бул жағдайлар тап пүткил қыз əуладымыздың бетине ширкеудей көринеди. Мениң өзим сондай қызлар тəғдирине қатты ашынаман. Оны тəрбиялаған ата анасының басы ийилгенин ойлап, катты қыйналып, қапа болып кетемен.
"Қыз бала -палақпан тасы" дер еди бабаларымыз. Миллийлигимизге сай қыз бала турмысқа шыққан соң сол үйде "тастай батып, суудай сиңиуи" керек. Буның ушын аналар сəл қаттырақ турып, қызын хə деп қол былғап шақыра бермей,сол үйдиң адамы болыуды қулағына қуйып, тəрбиялап отырыуы керек. Ене енелигин етип, келинди хызметкер сыпатында көрмей, оны сол шаңарақ ағзасы сыпатында "өз қəлипине" түсирип тəрбияласа, ол шаңарақтың шырағы жана қояды. Соңғы уақытлары танысларымнан еситип, гүуасыда болып жүрмен. Жас келиншек босанса, көпшилигин "- Үйиңе бар, шешең қырқынан шығарып береғойсын" -деп жибердим,- дегенлерин еситемен. Буған қарсыман. Енеси бола тура неге үйине жибереди. Неге əке үйинде жас босанған келиншек болыуы керек-деп ойлайман. Енеси яки шаңарағында бир хаял-қыз жоқ болса екен, қарасыуға адам жоқ дейтуғын, буны енеси жиберип отырғанына ренжиймен. Жас келиншеклердиң еки қат уақытларында да төркинине қыдырып бара бериуи қолайсыз. Бул əкениң, əжағаның алдында қолайсызлау, буны аналар қызларына түсиндириуи керек. Халқымызға сай ийбели, сабырлы келинлер кимге жақпайды. Ол хəр бир үйдиң сəни! Келини бар үй таза, берекетли, дəстурханы ашыулы, төсеги салыулы......қандай пайызлы үй бул!
Бул үйге ким асықпайды, ким бундай үйге хəуес етпейди дейсең!Келешегимиз гүллери- қызларымызға ғамхорлықта болыуға, оларға итибарды күшейтип, өмирден өз орынларын табыуда пүткил жəмийетшиликтиң жууапкершилигин асырыу -уазыйпамыз деп билемен.
Сөзимниң соңында кеуиллери аппақ гүлдей ,дүньяның гөззаллығын өзинде жəмлеген əзиз қызларымызға бахыт, əумет, өмир деп аталыушы теңизде тууры жолын тауып, əлемди жақтыртыушы шырағы болып жүриулерин тилеймен.
ЖУМАНОВА З