#Тарийх
#Уллы_тулғалар_өмири
ЕЛ НАМЫСЫН ШЕККЕН ОРАЗ
1-бөлим
Биз бул мийнетимизде Хорезм ойпатында революциялық гүресте, елимизди ишки ҳәм сыртқы душпанлардан мәртлерше қорғауға қатнасқан Хорезм Совет Социалистлик ҳәм Қарақалпақстан Автономиялы Совет Социалистлик Республикаларының экономикасы менен мәдениятын раўажландырыўға салмақлы үлес қосқан гүресшилердиң бири Ораз Ерманов туралы сөз етемиз.
О. Ерманов 1874-жылы Қоңырат қаласына жақын жердеги Қыпшақ ауылында дийхан семьясында туўылды. Ораз дәслеп ауыллық мектепте, соннан Қоңырат қаласындағы мешитлердиң биринде оқып, саўатын ашады.
Қоңырат қаласы Хийўа ханлығының административлик, саўда ҳәм мәдений орайларының бири болып, ол Аральск, Оренбург арқылы Россия менен, Үргенч, Хийўа арқылы Орта Азияның ири қалалары менен тығыз байланыс жасайды. Үргенчли бай саўдагер Жаббарберген Қылышов Қоңырат қаласынан дуканлар ашады ҳәм ол зейинли Оразды қызметкер етип алады. Енди ол өзиниң бай хожайыны менен бирге өтимли затлар излеп, орайлық қалаларға жийи барып туратуғын болады. Ел гезип Ораз ушын турмысты үйрениў мектеби болып атқарады. Бул жағдай Ермановтың класслық көз қарасының ертерек қәлиплесиўине себепши болды.
О.Ерманов өз заманының алдыңғы қатар адамлары менен тығыз байланыста болды. Мәселен, ол 1910-жылларда болажақ өзбек совет әдебияты баслаўшыларының бири, патша ҳүкимети тәрепинен қууғынға ушыраған шайыр Мухаммедшәрип Суфызада менен Хожели қаласында гезлеседи. Ораз Суфызаданың саўатлы алым ҳәм талантлы шайыр екенин билип, оны Қоңыратқа ертип келеди. Усы дәўирде белгили татар революционери Ахмедзаки Бакиров та Қоңыратқа келеди.
Уллы Октябрь революциясы шекем Қоңырат қаласында бир әскерий казарма болып, онда рус солдатлары туратыўғын еди. Ораз усы казарманың завхозына жәрдемши болып жумысқа орналасады ҳәм рус тиллин үйренеди. Солдатлардың арасындағы революциялық кейиптеги гүресшилер жергиликти миллет ўәкиллериниң класслық көз қарасының қәлиплесиўине унамлы тәсирин тийгизеди.
Қоңырат қаласы — «елдиң шети, жаўды келер бети» болғанлықтан, ол жерде жаңа турмысты орнатыў ушын кескин саўашлар алып барылады.
ХХ әсирдиң биринши шерегинде Қоңырат мийнеткешлери Өтеш батыр, Ескене батыр, Ернияз батыр, Нуржан батыр, Марқабай батырлар менен халқымыздың тарийхында өшпес из қалдырды. Ораз Ерманов усындай халық батырлары менен бирликте елдин тынышлығы, бахты, азатлығы ушын аянбай гүрести. О. Ерманов Октябрь революциясына шекем-ақ демократикалық-халықлық көз қараслары, ағартыўшылық ҳаракетлери менен Қоңырат мийнеткешлери арасында сүйинишликке ийе болды. Қарақалпақ халық шайыры Аяпберген Мусаев Ораз Ермановты усындай айрықша сипатларын өз уақтында дұрыс байқады ҳәм оны көпшиликке үлги етип, былайынша тәрийпледи:
Жайылған, майқы бий — түпки сағамыз,
Жаман-жақсы ҳаслымызға бағамыз,
Ел намысын шеккен Ораз ағамыз,
Уллы журттан хабар тута баслады.
Уллы журт — Россиядағы революциялық ўақыялардан ертерек хабардар болған Ораз Ерманов жаңа турмысты орнатыўшы гүресшилердиң ең алдыңғы қатарында болды. 1920-жылдың бәҳаринде Қоңырат қала-
сында орнатылды ҳәм ол округлик кәмбағаллар кәмитетиниң жуўаплы секретары болып сайланды. Кәмбағаллар комитети, мийнеткешлер массасы, әсиресе жарлы дийханлар арасында Коммунистлик партия менен Совет ҳүкиметиниң тийкарғы таянышы болды. О. Ерманов жарлы дийханлар менен рабочийлар класының бирлигин беккемлеў, орта дийханлар менен аўқамласып, оларды Совет ҳүкиметиниң тәрепине тартыў, ески байлар, хәмелдарлар менен дин ийелерине қарсы маўасасыз гүресиў ислерине актив қатнасты. Мәселен, 1920—1921-жылларда Қоңырат округине баспашылар бир неше мәртебе топалыс жасайды. Усының салдарынан бул жерде партия шөлкеми тарқатылады. 1921-жылы атақлы партиялық ҳәм мәмлекетлик қайраткер Аллаяр Досназаров Қоңыратқа келип, округлик пәртия шөлкемин қайтадан дүзеди. Мийнеткешлерди пәртия әтырапына тығыз жәмлеўде кәмбағаллар комитетиниң жуўаплы секретары О. Ерманов, округлик әскерий революциялық кеңестин секретары шайыр С. Мәжитовлар тийисли қызмет атқарады.