ҲАЯЛ
Достым Анарға
Әкеңниң үйинде еркелеп өсип,
Гүлзарлар ишинде гүл болып питип,
«Кисиниң бендеси» үйиңнен кетип,
Өзгениң бахтына жаралдың, ҳаял.
Қарамай гәҳиде сениң еркиңе,
Зорлап атып урды, зулмет төрине,
Тас болып батып сен түскен жериңе,
Талайыңа көнип болғансаң, ҳаял.
Ҳижран отлары қәлбинди дағлап,
Кундизи пинҳамы, ақшам зар жылап,
Ығбалың кемеси қырда қайырлап,
Сен өңмеңлеп алға сүйредин, ҳаял.
Аңсат па еңисиў өзге журтларға,
Жаныңды бердиң сен онда жаббарға,
Елеклеп-елеклеп сынға алғанда,
Сен бәйги тулпары болғансаң, ҳаял.
Дүньяның тәшўиши барлығы сенде,
Нар болып көтердиң бәрин еңсенде,
Жуўырып-жортып батсаң да терге,
Төлеўи жоқ хызмет, сеники, ҳаял.
Нәзик қәд ийилип дал болғанында,
Сүйриктей саўсағың қабарғанында,
Ақша жүзиң андыз сарғайғанында,
Султансыз сарайдың кәнизи, ҳаял.
Бәрше жүкти теңлеп артып желкеңе,
Сени нәзик емес дейди, бүгинде,
Табалмай меҳриңе жуўап меҳирди,
Инкар болғаныңды сезер ме, ҳаял?
Өз отыңда өзиң пинҳам қуўрылып,
Көзиң жасларыңнан дастық жуўылып,
Ышқы гүлзарынан бийўақ қуўылып,
Қәлбиң жаўрағанын сезе ме, ҳаял.
Ессе де көзиңнен ҳәсирет түтини,
Аҳыңнан таймады жердиң сүтини,
Кеўлиң мың сан қурақ, сырты пүтиним,
Өтмиш, келешегим, бүгиним, ҳаял!
✍️ Минайхан ЖУМАНАЗАРОВА
Каналымызға ағза болың👇