Кейин хожейини жоқ, шала питкен алты қабатлы жайға көштик. Пул төлемеймиз. Бирақ, соның есабынан, ийеси айтпаса да, жайдың барлығын — иши-сыртын епли жораларым менен ҳәкли сыбаўда сыбадым. Айна-қапылары әкелинген, оларды орын-орнына қурдым. Бул бир жағынан өзиме де керек, алдымыз қыс, өжирелер жылыўы керек, екиншиден бийпул отырғызған Полат ағаға деген миннетдаршылығым еди.
Деген менен ол жайдың жайсыз жери — қысында суўық болады. Котель жоқ, газ ошақ жағып, электр печки қосамыз. Бәри бир қыстың ызғырын, сыран суўығында бөлме иши музғала, шолан десең де артық емес. Қалың кийимлеримизди жамылып отырамыз. Сол жерде бәҳәрде сен туўылсаң, қысында сегиз-тоғыз айлық баласаң, бесиктен алмаймыз. Басыңа қабатлап еки-үш топпы, сыртынан малақай дегендей кийгизип, бесик үстине бар табылғанын таслаймыз. Бир жылы суўықтан еснегенде, тийе берсин, анамның жағы шығып кетип, әкем зорға салды. Айта берсең жанды жегидей жеген гәп көп. Ижарада турыў азабы еле умытылған жоқ. Қыста ық деп хожейинниң қоңсы иниси өзиниң мал, түйесин сыртқы есигимиздиң алдына байлайды. Түнде шықсаң малдың сидиги, жапасына тайып жығыласаң. Азанда ол емес, биз тазалаймыз. Усындайда «бир бөлмели қақыра болса да шүкирлик етер едим. Аяғыңды еркин созып жатқанға не жетсин», дер едик.
Кеўлимиз ҳақлықтан, қудайға шүкир, мине жетистик ғой. Сен де шүкирлик ете бер. Негизинде ата-ананың перзентке жай салып бериўи ўазыйпасы емес: перзент алдында ата-ананың миннети, биринши — сүннет еттириў (мусылманда), екинши — билим берип, тәрбиялаў, үшинши — үйлендириў, қыз бала болса қутлы жерине қондырыў. Басқалары ата-ананың қәлеўи, жағдайына бола исленетуғын қайырқомлықлар, түсиндиң бе, енди?
—Аға, бәри бир барлық қолайлылықларға ийе жайға жетпейди. Сизлер билмейсиз. Сизлердиң заманыңыздағыдай баспана табылса болды емес. Ҳәзир жигирма биринши әсир. Адамлар барлық шараятларды қәлейди. Қулласы, коттеджге аўмастырғым келип тур, — деп бала өжетлик етип, айтқанынан қайтпады.
Бул гәплерден кейин де айлар зымырап өтип атыр. Еки келин, еки ул себепли кесе-шәйнек дүгиспегени менен қағысыў басланды. Қарақалпақтың дәстүрине бола жол үлкен улдики. Сонлықтан әке және Атаниязды шақырып алды.
— Ал, балам, көшиў мәселеси не болды?
— Аға, айттым ғой, барлық шараятлар болмаса бармайман, деп.
— Нийетиң коттедж ғой.
— Аўа.
— Онда мен бир танысым менен сөйлесип, келистим. 25-киши райондағы коттеджлерде турады. Сол жерлер бола ма?
— Болғанда қандай! — деп баланың көзи, жүзи жайнап сала берди.
— Сол коттеджге аўмастырамыз, жайыңды. Сеники таза, ол гөне ғой, бола бере ме?
— Бола берсин, сонда да биз утылмаймыз, аға. Ол — қала орайында, бизики — шетте. Баҳаға салыстырғанда утылмаймыз.
— Бирақ, бир лийкини бар, балам.
— Не екен?
— Танысым Балтабай аға денсаўлығына байланыслы тығылыс, ҳаўасы патаслаў жер — киши районнан ҳаўалы, машынның түтини аз жерди гөзлеп, излеп жүр екен. Оның үстине жери төрт сотих, бизлердики сегиз — кең. Қартайғанда мал бағып, таза сүт, қатық ишкиси келеди екен. Тасландықтан жыйналған патас, жаман баклашкиге қуйылған сүт, қатықты ише алмайман, дейди. Мен оған үйдиң жағдайын, сызылмасын айттым. Сонда ол «мал қорасы жоқ екен. Егер салдырып берсең, утылсам да басма-бас үйимди алмастыраман», деп отыр. Не қыласаң, Атан?
— Болды. Гәп жоқ. Мал хана салып берейик те айнымастан бурын алмастырып жиберейик. «25» деген оқымыслы, зиялылар жасайтуғын аймақ ғой.
— Мениң жумысым баса-бас. Оның үстине имараттың ҳәлекшилигинен силикпем қурып, шаршаған адамман. Мал қораны өзиң саласаң.
— Ҳаў, мен қалай саламан? —Ол шоршып түсти.
— Мен салғандай жуўырып-жортып саласаң-дә, коттедж керек болса. Жайдың қасында пәскелтек, кишкене еки бөлме мал қора ҳәм жанына кишигирим етип бир жаз шәртек салыў ойыншық емес пе? Газ, свет тартып, котель қурмайсаң. Дийўалларын жақсылап ҳәклеп, сыбап, евро ислейин деп атырған жоқсаң: топан менен бир сыбасаң болды-дә. Төбесин де шиферлатып отырмайсаң — бир қара, бир топан ылай жүргизесең де қоясаң. Себеби үстине от жыйналады. Жаўын, қар өтпейди, сонсын.
ДБ