Шаўдырбай СЕЙТОВ
Қайтарып бер мениң Әмиўдәрьямды
«Тилиңнен без!» – деди, бездим тилимнен,
«Диниңнен без!» – деди, бездим динимнен,
Алдыңда бозлайын болып боз инген.
Аллам, әпиў еткил аўыр
гүнамды.
Шешенге сыйындым, алдады мени,
Көсемге сыйындым, алдады мени,
Басқа сыйынарым қалмады енди,
Рәҳим әйлегил, қыйнама жанды.
Бендем демей-ақ қой, тиленсем де нан,
Сеннен сорамайын тажы-тахт, ийман,
Ҳәтте, дозағыңа тап-тайын турман,
Тек сен қайтарып бер, Әмиўдәрьямды.
Бизди тартып талай ханның дарына,
Сен қырын қараған заманлары да,
Халқым қырылмаған Әмиў барында,
Сақласаң сақлай гөр Әмиўдәрьямды.
Сорлы пешанамның сорын жуўайын,
Анамның сор ашқан гөрин жуўайын,
Маған аўыз суў бер ерин жуўайын,
Қайтарып бер мениң Әмиўдәрьямды
Әмиўимди буўған жылан болмасын,
Ҳәм суўын уўлаған ылаң болмасын,
Аралды қурытпақ жобаң болмасын,
Қайтарып бер мениң Әмиўдәрьямды.
Өзиң әдалатлы, өзиң ҳақ болсаң,
Бәрше халыққа әдил қарамақ болсаң,
Қарақалпақ халқын қырмайжақ болсаң,
Қайтарып бер мениң Әмиўдәрьямды.
💎