Үйренип алғанман қосық жазыўды,
Бәлким жигирма жыл... оннан артығырақ,
Сол балалық ўақтағы таза арзыўды,
Алыстан болса да көремен, бирақ...
Сен деп нан дегенмен, ана дегенмен,
Сүт дегенмен, сенде баўырсақ, торақ,
Ҳәтте түнде айды үзип жегенмен,
Жулдыздан тапқанда шөмиш ҳәм орақ.
Топырақтан гүл өнсе, қуўанып тағы,
Сол жерде жүрип-ем үпелек санап,
"Қойма, қошқарма?"ны ымлаған ўағы,
Көп нәрсе билгенмен, апамнан сорап.
Мойнаққа барғанда билдим ултанды,
Теңизди көрмедим, көрдим бир сарап,
Сонда сүйген едим шынтлап Ўатанды,
Халықым- шөлде өскен азамат дарақ!
Мен ҳәм перзентимен усы жәннеттиң,
Мен бунда туўылдым киндигим қанап,
Турғыны болсам да басқа бир кенттиң,
Жүрегим шабады өзиңе қарап.
Мениң ана тилим- қарақалпақша,
Аўызымнан түспейсең жүрсем де тарқап,
Қосықтан жаратсам кишкене бағша,
Жасадым деп айтаман Алла жарылқап!
Азимбек Утемуратов