. УШЫРАСЫУ
Гүрриң
***
Жигиттиң жасы нақ жигирма жетиде.Бүгин азанда анасынан тапсырма болды.
-Болды,жетер енди , өмир бойы қуу бойдақ болғың келмесе үйлен.Кеулиңе жаққан қыз болса ,айт.Барайық,сорастырайық,адамлардың ислеген ислерин бизлер де ислейик.Жесир хаял болсам да сениң тойыңды бере алғандай шамам бар,оның үстине мен қыз сорап барсам" ата-анасы болмағыр адамлар,оларға қыз берип болмайды ,дейтуғындай жиеркенишли атағымыз жоқ!
Анасы кесип айтты.Муғаллим болған хаял,азырақ қатыгезлиги де бар.Жумыс тапсырып ,кейин қадағалайтын әдети және бар.
Болмасаше?
Әкеси ауырып,төсек тартып көп жатты.Әлпешлеп бақты,докторға қаратты.Айналдырған ауырыу алмай коймады...
Әкеси қайтыс болғанда булар шыпырласып қала ьерди.Булар бесеу еди.Үлкен ажағасы Ташкентте оқыр еди.Оқыудан бос уақытлары мәрдикарға барып,пул тауып,өзинен кишкене еки қарындасын Ташкентте оқытты.
Бул төртиншиси.Қызларды узатыу,ажағасын үйлендириу,өзинен кишкене инисин тәрбиялау тәшуишлерин анасы менен тең көтерди.Кишкенелигинен өнерли болды.Қолынан хәмме нәрсе келеди.Шөккишти усласа ,шөккишти ойнатады.Адамлардай болып алыстан да арбаламады,жақыннан дорбаласа да жетип атыр.Ауысып ,төгилип қалмаса да ,,биреуден илгери,биреуден кейин"жағдай бар.
Ташкентте оқыған ажағасы да пысық.Хәмме ығылған Нөкиске бой таслады,жер план алды,биримлеп питкерди,екеуин қосты...хәзир бес бөлме жайды Нөкистиң шетиреги ау деп жүрип питкерип алды.Келиншеги тигинши.Еки улы бар.Ажағасының жайының питиуине буның үлеси көп.Ажағасы кирейде турды,бул сол питер-питпес бир бөлмеде турып ақ ,жоралары менен бир бригад болып жумыс иследи.Қолдан-қолға тиймейтуғын бул жигитлер шәхәрдиң мине мен деген яшыулкенлердиң үйлерин фундаменттен баслап ,,подключ"тапсырған.
Ишпейди,шекпейди,биреудиң затына ,,көз алартпайды"Келисим солай.
Мине,сөйтип жүргенде жасы жигирма жетиге келип қалыпты.
Анасы ежеледи.
-Нашар танығандай жасқа келдиң.Қызға мынаған бар ,балама мынаны ал демедим.Өмирлик жолдас таңлау,базарға барып,мал алыу саудасы. емес,ендиги базар сатып жиберермен дейтин.Бир өмир бир көпшикке бас қоясаң ақыр.Аллах деп,көкирегиңди хаққа берип шықсаң бәрине ерисесең балам.
Буныңда жақсы көргени болған.Ол питип кеткен ески жара.Еслегиси келмеди.
Бүгин күн түнерип тур.Азанда бир ашылғандай болып еди.Арасында силпи таслап,я жауларын,я жаумасын билмей туған хауа райына қарап жолға шыққысы да келмей тур еди.Бугинги исти ертеңге қоймайтуғын пысық минезине басты да ,тәуекелге салып далаға шықты.
Жигит шәхәрге жол алды.Енди дөгерекке жигит көзи менен қарай баслады.
Үлкен асфальтқа жетиуи мәттәл,Нөкис-Шымбай ,,Газелине"минип алды.
Жигиттиң машынға миниуине қарап тұрғандай жауын сабалап ,жауып баслады.Айнаға урған жауынды тәуирақ тамашалаған болды,бирден көзи алдында отырған еки қызға ериксиз көзи түсти.Жас жамасы жигирмадан өткен,тәуирақ естиярлы.Қолларында телефон.Көзлерин телефоннан алмас,арасында күлипте қояды.Артындағы еки қыздың даусы қулағына жақпасада тыңлауға мәжбүр болды.
,,Тандыршыққай!Хәлегим соннан қалып!Телефонын тауып алып,жаман сөздиң бәрин жаздым,мениң ким екенимди билип атырма?(Түсингени,еки қыз бир жигитке таласып атыр)
Енди қайтып сол жигитке жырбаңласаң,көшеңе барып абырайыңды төгип кетемен,шашыңнан жулып интернетке шығараман дедим,десе достысы:
-Менде жигитимниң әжапасы менен урысып қалдым,жигитиме әжапасы ,,ондай қызды алмайсаң "деп шәрт қойыпты,барып урыстым ғой!
Нөкиске жеткенше жигит тәуирақ ойланды.
,,Қызларға не болған өзи?"
Жигит ойланаман дегенше Нөкиске келди. Тәбиятта адамның минезиндей аумалы төкпели ау.Бағанағы қуйып атырған жауыннан науа жоқ.Күн жарқырап ашылып тур.
Желдей есип турған бир ,,Дамасқа"минип алды.Тууры арқаға өтти,алдыға ғарры-қуртаң минер дегени,және усы маршруттың ақырына шекем барады.Қызықтың үлкенин ,,Дамаста" көрди.Жолда турған тәуирақ жастағы хаял маршруткаға минип атырып,алдыда отырған қыздан орнын бериуди өтиниш етти.