Әдебияттағы (илимий жақтан) қосықтың анықламасын ҳәм турлерин илажы болғанынша қысқаша түсиндириўге ҳәрекетленип көремен.
ҚОСЫҚ- бул көркемлик сөзлерден туратуғын, буўынлары тең қатарлардан дизилген, ҳәр қатардың изи уйқастырылған (рифмланған), поэзияның бир бөлимине тийисли (көбинесе лирикаға), көлеми бойынша онша үлкен болмаған әдебий шығарма.
Енди әдебиятың жанры 3 түрге бөлинеди: Эпос (поэзиялық ҳәм прозалық формасы бар), Лирика (толығы менен поэзияға тийисли), Драматургия (поэзиялық ҳәм прозалық формасы бар).
Бизлер бул жанрлардың қосықлар менен жазылатуғына тоқтап өтейик.
I. ЭПОС тың түрлери:
ТЫМСАЛ- бул астарлы мәниде жазылған, тәрбиялық қәсийетке ийе, тийкарғы қаҳарманлары ҳайўанлар, өсимликлер ҳәм күнделикли қолланатуғын жансыз затлар(нәрселер) болып, солар арқалы адамлардың жағдайын жеткерип беретуғын, ең ақырында тәрбиялық маңызын (мораль) түсиндиретин дидактикалық әдебий шығарма.
ПОЭМА-(грекшеден аўдарғанда poiëma-жаратыў дегенди аңлатады) бул көп бөлимнен ҳәм үлкен қосық қатарларынан туратуғын, ўақыяны кең сүўретлейтугын, белгили бир авторға тийисли, лирикалық характерге ийе әдебий шығарма.
ДӘСТАН- бул қандайда бир халықтың бурынғы батырлары ҳәм олардың ислеген қаҳарманлықларын, ҳалқы ҳәм мухабаты ушын гүресин сүўретлеп бериўши патриотлық тәрбияға ийе, көп бөлими қосықлардан туратуғын әдебий шығарма. Дәстанлар әўладтан әўладқа аўызеки формада өткени себепли оның авторы халық саналады.
II. ЛИРИКАның түрлери:
ЛИРИКАЛЫҚ ҚОСЫҚ- бул өмирди, мухаббатты, кыйыншылықларды, дүньяға көз-қарасты автордың жеке эмоциялық сезимлери, кеўил кеширмелери менен поэзиялық шығарма.
СОНЕТ (италияншадан sonet-сес, даўыс дегенди аңлатады) - бул қатаң поэтикалық формаға ийе болған, 14-қатардан (3 төртлик куплет және екилик ямаса 2 төртлик куплет және 2 үшлик куплеттен) туратуғын, кишкене бир эпизодты көрсететуғын, үлкен бир шығарманың кишкене бөлеги. Сонетлерди Шекспир шығармалары арқалы көп танылмалы болды. Көбинесе операларда көп қолланылады.
ГИМН (грекшеден аўдарғанда gimna-уллылаў дегенди аңлатады)- бул расмий түрде қандайда бир объектти (қудайды, мәмлекетти, қаҳарманларды, мекемелер-уйымларды, шөлкемлерди, қандайда зәрүрий бир ўақыя-ҳәдийселерди) көтермелеп, уллылап жазылған шығарма айтылады. Әдетте музыкасы менен бирге жүреди.
ЭПИТАФИЯ (грекшеден аўдарғанда epitaphios - қәбирге дегенди аңлатады) - бул биреўдиң өлими себепли, әдетте қулпы тасқа жазылатуғын қосық.
ЭЛЕГЕЯ - бул қысқаша айтқанда қайгылы қосық, жуўапсыз мухаббат, өмирден налыныў, кеўил қалыў, қайғылы философиялық ойлар, ғәплет басыў, бир нәрсени жойтыў ҳ.т.басқа кеўил кеширмелери сәўлеленген поэтикалық шығарма.
РОМАНС- бул лирикалық сезимлерди музыка менен айтатуғын қысқа қосық.
САТИРАЛЫҚ ҚОСЫҚ- бул ҳәзил ҳәм юмор менен жеңил түрде жазылған қосық.
АРНАЎ- бул қәлеген темадағы автордың қандайда бир адресатқа каратылған поэтикалық шығармасы. Адресат көбинесе адам болады, бирақ айрым жағдайларда ҳайўан, өсимлик яки жаны жоқ нарсе болыўы да мүмкин.
РУБАЙ - бул төрт қатар (тек бир куплет) менен кең философиялық ойды өзине жайғастырып мағанасын ашып бериўши әдебий шығарма. Рубайларды көбинесе шығыс халықларының көрнекли ўәкиллери кеңнен қолланған.
ГӘЗЕЛ- бул еки қатарлы куплетлерден туратуғын, ишинде қандайда бир философиялық маңызы бар уйқаслары баста "АА" кейнин "ВА, СА, DА......" типинде даўам ететуғын әдебий шығарма. Ғәзеллерди көбинесе шығыс шыйырлары жазған.
ДРАМАТУРГИЯ тийкарынан үш түрге бөлинеди: Драма, Комедия, Трагедия. Олардың поэзиялық формасы намаға салынып мюзикл деп аталады.