#Архив_дереклеринен
#Еске_түсириўлер
📜"Қырық қыз" пьесасы ҳаққында. Айымхан Шамуратованың еске түсириўлеринен.
📜"Қырық қыз" пьесасы 1940-41-42-жыллары Әмет Шамуратов тәрепинен жазылды. Бирақ көп режиссёрлар жүрек етип бул пьесаны сахналастыра алмай жүрди. Сол жыллардағы театр режиссёрымыз Г.Абдуллов көп излениўшилик пенен мийнет етти ҳәм көплеген дөретиўшилер менен сөйлесип, жасы үлкен драматурглер, жазыўшы, артистлер менен ойласып-кеңесип, таярлыққа киристи.
Сөйтип, роллерди бөле баслады. Маған:
- Сизиң даўысыңызға, айбатыңызға Гүлайымның роли жүдә ылайық. Бирақ, сиз ҳәзир толығырақсыз ҳәм жети баланы да бағыў аңсат емес, деп мениң кеўлимди алып қойды. - Саған Гүлайымның анасы - Ақсулыўдың ролин тапсырайын деп турман, - деди.
Мениң де Гүлайымның ролинен дәмем бар еди. Бала-шаға менен бираз қыйналып, өзимниң де тоқтасқан ўақларым еди. Көзиме жас алып турып:
- Яқшы, Ақсулыўдың ролин ойнайман, дедим. Неде болса қойылсын. Кеўилдегидей етип ойнаўға сөз беремен.
Сөйтип, Гүлайымның ролине Ташкенттеги театр институтында оқып атырған Айша Сейтмуратова деген қызды ылайық көрилди. Оның бойы да, даўысы да, түри де келискен, сезими күшли қыз екен. Усы қызға жәрдем етип, қарасыңлар, деди режиссёрымыз. Биз жасы үлкен артисткалар оған қолымыздан келген жәрдемимизди көрсеттик.
Айша "Қырық қыз" пьесасында Гүлайым ролин жүдә жақсы, таң қаларлықтай етип атқарып шықты, халыққа унады. Ал Гүлайымның әкеси Аллияр ролин - Рейимбай Сейтов халқы ушын жанын аямайтуғын ҳақыйқат образлы етип ойнады. Роли өзине жүдә жарасты. Буннан басқа Арыслан ролинде - Қасым Жүгинисов, Көшербай Зарымбетов, Отбасқан ролинде - Абылҳақ Жүгинисов, Узақберген ғарры ролинде - Жолдасбай Сейтқасымов, қыз жеңгеси ролинде - Сапаргүл Әўезова, Садат Юсупова, Сәрбиназ ролинде - Рима Әдиковалар ойнады.
Бул пьесаны қойыўда Г.Абдулов таярлықты жүдә жақсы қадағалап, талапшаңлық пенен ис алып барды. Артистлерге барлық мүмкиншилик туўдырып, түсте аўқатланыў ушын буфет аштырып, ўақыт пенен санаспай артистлер де, сәзенделер де, балет ойнаўшылар да ықласланып иследи. Композитор В.Шафранниковты Москвадан шақыртып алып, "Қырық қыз" дың музыкасын жаздырды. В.Шафранников қарақалпақ халық намаларына тийкарланып, пьесаның намасын жақсы жазды.
"Қырық қыз" пьесасы жақсы болып қойылып, халық жақсы қабыл алды. Усындай халықтың өзине ылайықлы классик шығармалары көбирек қойылса, халқымыздың аты кеңнен танылады. Себеби, "Қырық қыз" дәстаны менен биз қарақалпақ халқы дүнья жүзине танылып едик ғой...
Айымхан Шамуратова,
1984-жыл.
Каналға ағза болыў:
https://t.me/QRARXIV