«ТАНК» командири МУРАТБАЙ АҒА
Перзентлик парызын ийинге артқан ,
Әдебияттың аўыр арбасын тартқан,
Теңнен тартып жүрген үш, төрт кемени,
Мәнаўий мәртлиги бәринен артқан,
«Танки» командири, Муратбай аға.
Ел басшысы қайтармады ырайың,
Гүл жайнаттың киноның да шырайын,
Гә кино, гә проза, поэзияда,
Илҳам пери деген жалғыз қудайың,
Сизди түртип турғай, Муратбай аға.
Теле көрсетиўде және баспада,
Хызметлериң толып атыр басқа да,
Жетпис бесте жүрсиз желип жуўырып,
Талант түртсе қарамайды жасқа да,
Сатираның пири, Муратбай аға.
Мүриўбеттен «Қоңсылар» көп тарықты,
Бир қарыс жер ушын маңлай жарыпты,
«Қуўат», «Курорт» атлы комедияңда,
Күлки менен ойландырып халықты,
Тәўбеге келтирди, Муратбай аға.
Қәдемди сексенге таслап барасаң,
Жаслық қайда, көзди жаслап аласаң,
Қайра-қайра басқан кеңнен адым жоқ,
Тараққа илинбес шашты тарасаң,
Сизге бас қалса бәс, Муратбай аға!
Барлық тараўда сиз кәрўан басымыз,
Прозада аўыр өлшеў тасыңыз,
«Мәўритиңди» халық еслер сағынып,
Тарийхты қозғасаң көзде жасымыз,
Жумбастан төгилер, Муратбай аға.
Ҳәзил менен бираз пикир айтасыз,
Жаўтаң қағып теклиликти жойтасыз,
Табылады бирең-сараң «шүйеллер»
Халық айтар май болмайды «тортасыз»
Барыңа мың шүкир, Муратбай аға.
Еситпесе еситпесин қулағың,
Рухый байлық толы тасқын булағым,
Тас төбеден түскен қуяш нурындай,
Жанып турғай бәрҳа кеўил шырағың,
Пәрўазың бийик болғай, Муратбай аға.
Бир өзи бир төбе орны дарасыз,
Мәнаўият ушын күйип-жанасыз,
Қаракеңниң кең даладай пейлине,
Несийбели «қудай берген» баласыз,
Өмир узақ болсын, Муратбай аға!
Гулистан Даўлетова.